Asosiy mazmunga o‘tish

Qaraqalpaq muzıka mádeniyatında áyel kompozitorlardıń ornı

Gulnara MunteevaO‘zbekiston davlat san‘at va madaniyat instituti Nukus filiali https://ror.org/014aset472026

Konferensiyalar«O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» mavzusidagi xalqaro ilmiy-amaliy konferensiya materiallari (Nukus, 2026-yil 9–10-oktyabr)Jild 1Son 6Sahifa 974–979

Annotatsiya

Maqolada Qoraqalpog‘iston musiqa madaniyatining rivojlanishida alohida o‘rin egallagan taniqli bastakorlar Dariko Janabayeva va Ulbiybi Abdullayevaning hayot yo‘li, professional shakllanish bosqichlari, bastakorlik, pedagogik hamda ijrochilik faoliyati yoritilgan.

Boshqa tillarda

ruschaМесто женщин-композиторов в каракалпакской музыкальной культуре

В статье освещаются жизненный путь, этапы профессионального становления, композиторская, педагогическая и исполнительская деятельность известных композиторов Дарико Джанабаевой и Улбийби Абдуллаевой, занимающих особое место в развитии музыкальной культуры Каракалпакстана.

inglizchaThe place of women composers in Karakalpak musical culture

The article highlights the life paths, stages of professional development, and compositional, pedagogical, and performing activities of the renowned composers Dariko Dzhanabayeva and Ulbiybi Abdullayeva, who hold a special place in the development of the musical culture of Karakalpakstan.

Kalit so‘zlar

  • Qoraqalpoq musiqasi
  • bastakor
  • musiqa madaniyati
  • fortepiano
  • vokal
  • romans
  • bolalar qo‘shig‘i
  • pedagogika
  • milliy musiqa

To‘liq matn

Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni

Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.

R E S E A RC H F O C US xalqaro ilmiy jurnali hamkorligida

QR-kod maqolaning DOI sahifasini ochadi SAHIFALAR TIL 974–979 Qoraqalpoq (kirill) IQTIBOS UCHUN Gulnara Munteeva. Қарақалпақ музыка мәдениятында әйел композиторлардың орны // «O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» mavzusidagi xalqaro ilmiy-amaliy konferensiya materiallari (Nukus, 2026-yil 9–10-oktyabr). – Nukus, 2026. – B. 974–979. – DOI: https://doi.org/10.66073/ReFocus-Conf/0910197

«O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» XALQARO ILMIY-AMALIY KONFERENSIYA NUKUS, 9–10-OKT YABR 2026

ҚАРАҚАЛПАҚ МУЗЫКА МӘДЕНИЯТЫНДА ӘЙЕЛ КОМПОЗИТОРЛАРДЫҢ ОРНЫ

Gulnara Munteeva Ózbekstan mámleketlik kórkem óner hám ádeniyat institute Nókis filialı professorı. Nókis, Ózbekstan Аннотация: Мақалада Қарақалпақстан музыка мәдениятының раўажланыўында айрықша орын ийелеген белгили композиторлар Дарико Джанабаева ҳәм Улбийби Абдуллаеваның өмир жолы, профессионал қәлиплесиў басқышлары, композиторлық, педагогикалық ҳәм атқарыўшылық дөретиўшилиги мийнетлери көрсетилип өтилген. Таяныш сөзлер: Қарақалпақ музыкасы, композитор, музыка мәденияты, фортепиано, вокал, романс, балалар қосығы, педагогика, миллий музыка. Аннотация: Мақолада Қорақалпоғистон мусиқа маданиятининг ривожланишида алоҳида ўрин эгаллаган таниқли бастакорлар Дарико Жанабаева ва Улбийби Абдуллаеванинг ҳаёт йўли, профессионал шаклланиш босқичлари, бастакорлик, педагогик ҳамда ижрочилик фаолияти ёритилган. Калит сўзлар: Қорақалпоқ мусиқаси, бастакор, мусиқа маданияти, фортепиано, вокал, романс, болалар қўшиғи, педагогика, миллий мусиқа.

Аннотация: В статье освещаются жизненный путь, этапы профессионального становления, композиторская, педагогическая и исполнительская деятельность известных композиторов Дарико Джанабаевой и Улбийби Абдуллаевой, занимающих особое место в развитии музыкальной культуры Каракалпакстана.

Ключевые слова: каракалпакская музыка, композитор, музыкальная культура, фортепиано, вокал, романс, детская песня, педагогика, национальная музыка.

Abstract: The article highlights the life paths, stages of professional development, and compositional, pedagogical, and performing activities of the renowned composers Dariko Dzhanabayeva and Ulbiybi Abdullayeva, who hold a special place in the development of the musical culture of Karakalpakstan.

Keywords: Karakalpak music, composer, musical culture, piano, vocal music, romance, children's song, pedagogy, national music.

Кирисиў: Қарақалпақ халқының музыка мәденияты көп әсирлик тарийхқа, бай аўызеки халық дөретиўшилигине, жыраўшылық, бақсышылық, қосықшылық ҳәм аспаплық атқарыўшылық дәстүрлерине ийе.

XX әсирден баслап Қарақалпақстанда профессионал музыка өнериниң жаңа басқышы қәлиплесе баслады. Музыка мектеплериниң, училищелердиң, театр ҳәм филармониялардың ашылыўы, профессионал композиторлар ҳәм атқарыўшылардың жетисип шығыўы миллий музыка мәдениятының жанрлық ҳәм көркемлик шеңберин кеңейтти. Усы процессте әйел композиторлардың тутқан орны да айрықша әҳмийетке ийе болды. Олар миллий музыка дәстүрлерин заманагөй композициялық усыллар менен байытып, жаңа жанрлардың раўажланыўына, музыка тәлим системасының жетилисиўине ҳәм кәсиплик кадрларды таярлаўға салмақлы үлес қосты. Солардың арасында Дарико Джанабаева ҳәм Улбийби Абдуллаеваның дөретиўшилик ҳәм педагогикалық мийнети айрықша атап өтиўге ылайық. NUKUS · 2026

Дарико Джанабаева Қарақалпақстанда кәсиплик композициялық мектептиң қәлиплесиў дәўиринде ислеген композитор, педагог ҳәм методист сыпатында белгили болса, Улбийби Абдуллаева кейинги әўладтың ўәкили сыпатында усы дәстүрлерди даўам еттирип, музыка өнериниң бир неше жанрларында жемисли дөретиўшилик етип келмекте. Олардың өмир жоллары X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA

ҳәм дөретиўшилик тәжирийбеси қарақалпақ профессионал музыкасының раўажланыў тарийхын үйрениўде әҳмийетли дерек болып табылады. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, композитор, оқытыўшы ҳәм методист Дарико Джанабаева 1949- жылы 21-февраль күни Нөкис қаласында хызметкер шаңарағында туўылған. Оның музыкаға болған қызығыўшылығы ерте жасынан-ақ көрине баслаған. 1955-жылдан 1966-жылға шекем ол Нөкистеги Р.М.Глиэр атындағы балалар музыка мектебиниң фортепиано класында оқыды. Музыка мектебинде алған теориялық ҳәм атқарыўшылық билимлери кейин оның композитор болып жетилисиўине тийкар болды. Өзиниң музыкалық билимин жетилистириў « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »

мақсетинде 1966–1971-жыллары Қурманғазы атындағы Алма-Ата мәмлекетлик консерваториясында тәлим алды.[1] Бул жерде ол профессионал музыка теориясы, композиция, гармония, полифония ҳәм музыка формасы бойынша терең билим алып, кең музыкалық дүнья қарасқа ийе болды.

Жоқары оқыў орнын тамамлағаннан кейин Дарико Джанабаева Қарақалпақстанға қайтып келип, музыка тәлими ҳәм дөретиўшилик жумыс пенен шуғыллана баслайды. 1973–1977-жыллары Ж.Шамуратов атындағы билим журтында оқытыўшы болып, көплеген жас музыкантларды тәрбиялады. 1977–1978-жыллары Қарақалпақстан телерадиокомитетинде музыкалық редактор болып иследи. 1978–1981-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясы жанындағы «Қырқ қыз» эстрада вокалхореографиялық ансамблинде музыкалық басшы болып хызмет етти.

1981–1990-жыллары қайтадан Ж.Шамуратов атындағы билим журтында оқытыўшы болып, келешек музыка маманларын таярлаўға үлес қосты. 1991- жылдан баслап Қазақстан Республикасы халық билимлендириў илимий-методикалық орайының директоры болып иследи. 1975-жылы композиторлар аўқамына ағза болып, 1988-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» атағы менен сыйлықланды.

Дарико Джанабаеваның композиторлық дөретиўшилиги жанрлық жақтан бай ҳәм түрли-түсли. Оның шығармаларында камер музыкасы, фортепиано шығармалары, тарлы аспапларға арналған композициялар, романс ҳәм қосықлар үлкен орын алады. Белгили шығармаларының бири — «Мениң үлкем» тарлы квартети. Фортепиано ушын жазылған токката, вариация, фантазия, пьесалар ҳәм «Фантазия-экспромт» сыяқлы шығармалары оның фортепиано аспабының техникалық ҳәм көркемлик мүмкиншиликлерин терең меңгергенлигин көрсетеди. Оның шығармаларында классикалық музыка дәстүрлери менен миллий интонациялық белгилер бир-бири менен уйғынласады. Дарико Джанабаева вокал музыка тараўында да жемисли ислеген. Ә.Тәжимуратовтың сөзи тийкарында «Ғазлар ушын», С.Садықов сөзи NUKUS · 2026

тийкарында «Мухаббатыңнан», «Қара талларым», Ж.Избасқановтың «Шағалалар», «Әрман», У.Пиржановтың «Сени изледим», Г.Шамуратованың «Жаным, кимди жақсы көресең?» ҳәм басқа да шығармалары халық арасында кең таралған. Улыўма алғанда, оның 70 тен аслам романс ҳәм қосықлары телевидение ҳәм радио арқалы тыңлаўшыларға жетип келген. Оның X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA

қосықлары заманагөйлиги, мазмунлылығы, миллий сезимлерге байлығы ҳәм поэзиялық текст пенен музыканың үйлесиўи менен ажыралып турады. Дарико Джанабаеваның Қарақалпақстан музыка мәденияты алдындағы ең үлкен хызметлериниң бири — оның устазлық мектеби. Ол көп жыллар даўамында музыкалық училищесинде сабақ берип, көплеген студентлердиң кәсиплик қәлиплесиўине тәсир етти. Оның шәкиртлериниң арасында кейин композитор, атқарыўшы, музыка оқытыўшысы, дирижёр ҳәм мәденият тараўының маманы болып жетисип шыққан инсанлар бар. Сол шәкиртлер қатарында Улбийби Абдуллаеваның аты да айрықша атап өтиўге ылайық. Улбийби Кеңесбаевна Абдуллаева 1964-жылы 17-октябрь күни Нөкис « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »

қаласында музыкантлар шаңарағында туўылған. Оның музыкаға жақын ортада өсиўи келешектеги кәсип таңлаўына үлкен тәсир еткен. Әкеси К.Абдуллаев Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, мелодист-композитор ҳәм педагог болған, ал қыз апасы Аида Абдуллаева Қарақалпақстан халық артисти, дирижёр сыпатында танылған. 1972-жылы Улбийби Абдуллаева Күнхожа атындағы улыўма орта билим бериў мектебине оқыўға барып, 1973-жылы Р.М.Глиэр атындағы музыка мектебиниң фортепиано бөлимине қабыл етилди. Бул жерде Л.Т.Статова класында тәлим алды. Музыка мектебинде оқып жүрген жылларында түрли таңлаўларда белсене қатнасып, 1980-жылы М.Ашрафий атындағы жас атқарыўшылар көрик-таңлаўының Қарақалпақстан басқышында биринши орынды ийеледи.

1980-жылы ол Ж.Шамуратов атындағы Нөкис көркем өнер училищесиниң фортепиано бөлимине оқыўға кирди. Училищеде О.Н.Спиридонова, Т.В.Пономаревадан фортепиано, Г.Демесинов, Д.Джанабаева, К.Өтегеновтан гармония, полифония ҳәм теория пәнлеринен сабақ алды. 1980–1984-жыллары Дарико Джанабаеваның композиция бойынша факультатив сабақларына қатнасып, дәслепки авторлық шығармаларын дөретти. Олар фортепиано ушын еки прелюдия, «Қызыл гүл» романсы ҳәм тарлы квартет ушын «Шымбай» халық намасының қайта ислемесинен ибарат болды. Бул факт Дарико Джанабаева менен Улбийби Абдуллаеваның арасындағы устаз-шәкиртлик байланысының Қарақалпақстандағы композиторлық мектеп байланыслығының тәмийинлегенлигин көрсетеди.[2] 1984-жылы Улбийби Абдуллаева М.Ашрафий атындағы Ташкент мәмлекетлик консерваториясының композиция факультетине оқыўға кирип, профессор ҳәм композитор Б.Ф.Гиенко класында тәлим алды. Консерваторияда оқыў жылларында фортепиано ушын «Балалар альбомы», еки прелюдия, «Дәстаннан» балладасы, вариация, демли аспапларға арналған шығармалар, тарлы квартет ушын сюита, симфониялық оркестр ушын увертюра, «Арал ҳаўазы» поэмасы ҳәм сопрано менен камер оркестри ушын NUKUS · 2026

«Вокализ» шығармаларын дөретти. Ол тек композитор сыпатында емес, фортепиано атқарыўшысы сыпатында да кәсибиниң шебер маманына айланды. 1984–1985-жыллары Нөкис қаласында өткерилген үлкен концертлерде оркестр менен бирге Г.Демесиновтың фортепиано ушын жазылған 2-концертин атқарып шыққан. 1989-жылы консерваторияны X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA

табыслы тамамлап, диплом жумысы ретинде «Өмирбек» балет сюитасын жазған. 1989-жылы Улбийби Абдуллаева Ж.Шамуратов атындағы Нөкис көркем өнер училищесиниң теория бөлимине оқытыўшы ҳәм концертмейстер болып жумысқа киреди. 1991–1998-жыллары оқытыўшылық жумысынан тысқары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында концертмейстер болып иследи. 1996–2004-жыллары Нөкис қалалық 1-санлы мәденият үйинде «Нәўше» атындағы балалар вокал ансамблиниң музыкалық басшысы болып жумыс алып барды. Усы дәўирде ол балалар ушын 30 дан аслам қосық ҳәм хор шығармаларын дөретти. И.Юсупов сөзи тийкарында « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »

«Топ-топ», Х.Сапаров сөзи тийкарында «Спорт сондай пайдалы», «Өзбекстан – жәннет мәкан», Г.Нурлепесова сөзи тийкарында «Бахытлы балалық», «Қарақалпақстан», «Биз – Алпамыс әўлады», «Муғаллимим, устазым», «Өпепек», «Қуўыршағым» сыяқлы қосықлары балалар репертуарында үлкен орын алды. 2005-жылы Ташкент қаласында оның 20 балалар қосығынан ибарат «Бахытлы балалық» атамасындағы биринши авторлық китабы баспадан шықты.

Улбийби Абдуллаева музыка тәлими ҳәм илимий-методикалық бағдарда да белсене жумыс алып барды. 2012-жылы Т.Даўлетмуратова менен биргеликте «Қарақалпақ композиторларының вокал шығармалары» оқыў қолланбасын,[3] 2018-жылы «Қарақалпақ композиторларының фортепиано шығармалары» оқыў қолланбасын,[4] 2022-жылы «Бахасын жоғалтпаған намалар» атамасындағы монографиясын[5] баспадан шығарды. 2022-жылға шекем Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде 33 жыл даўамында оқытыўшы ҳәм бөлим баслығы болып иследи. 2022-жылдан баслап Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында оқытыўшылық хызметин даўам еттирмекте.

Улбийби Абдуллаеваның дөретиўшилигинде вокал музыка айрықша орын ийелейди. Ол 30 дан аслам балалар қосықлары ҳәм 30 дан аслам романс ҳәм қосықлар дөреткен. Оның шығармалары балалар дүньясы, туўған жер, Ўатан, ана, муҳаббат, тәбият, жаслық ҳәм руўхый сезимлер сыяқлы темаларды қамтыйды. И.Юсупов сөзи тийкарында «Гүллер аңламас», «Жаңа жыл», М.Жуманазарова сөзи тийкарында «Еле мен», «Сен болмасаң», Ш.Пайзуллаева сөзи менен «Аналарды уран еткен халықпыз», Г.Нурлепесова сөзи тийкарында «Ана журтым», «Ўатан», «Бәхәр», К.Рахманов сөзи тийкарында «Ана жүрегинен басланар Ўатан», Т.Каллиев сөзи тийкарында «Муқаддес Ўатан», А.Өтениязова сөзи тийкарында «Туўған жер», Б.Генжемуратов сөзи тийкарында «Ең гөззал дияр» шығармалары оның вокаллық дөретиўшилигиниң белгили үлгилери болып табылады. 2022-жылы «Ақ кеме» лагериниң гимн ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм NUKUS · 2026

мәденият институты Нөкис филиалы студентлер гимн де жазды. Театр ҳәм кино музыкасы: Улбийби Абдуллаеваның дөретиўшилигиниң тағы бир әҳмийетли бағыты — театр ҳәм кино музыкасы. 1992-жылы ол А.Есимбетовтың «Дуўаланған қала», 2012-жылы М.Хожанованың «Достыңнан тап» қуўыршақ театры спектакллерине музыка жазды. Кино X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA

тараўында 2008-жылы М.Нызановтың «Уры», 2009-жылы «Курорт», 2012- жылы «Золотые купола под водой», 2016-жылы «Кешир» көркем фильмлерине музыкалар ҳәм саундтрек қосықлар жаратты. Бул шығармалар композитордың драматургиялық ойлаў қабилетин, музыканы сахналық ҳәм экранлық образлар менен үйлестире алыў шеберлигин көрсетеди. Дарико Джанабаева ҳәм Улбийби Абдуллаева дөретиўшилигиндеги уйғынлық: Еки композитордың дөретиўшилик жолларын салыстырып қарағанда, олардың арасында күшли устаз-шәкиртлик байланыслық бар екенлиги анық көринеди. Дарико Джанабаева профессионал композиторлық тәлим алған, « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »

камер, аспаплық ҳәм вокал жанрларда ислеген, жас музыкантларға композиция ҳәм музыка теориясы бойынша сабақ берген. Улбийби Абдуллаева болса сол устаздан композицияның дәслепки сырларын үйренип, кейин Ташкент консерваториясында профессионал билимин жетилистирип, устазы баслаған жолды даўам еттирди. Еки композитордың дөретиўшилигинде де қарақалпақ халық музыкасына, миллий поэзияға, туўған жер темасына, инсаный сезимлерге, балалар тәрбиясына ҳәм музыка тәлими мәселелерине үлкен итибар қаратылады. Сонымен бирге, Дарико Джанабаева камер-инструменталлық ҳәм романс жанрларында белсендирек ислеген болса, Улбийби Абдуллаева балалар музыкасы, театр, кино, хор, гимн ҳәм заманагөй вокал шығармалары менен өз репертуарын кеңейтти. Қарақалпақ музыка мәдениятындағы әҳмийети: Дарико Джанабаева ҳәм Улбийби Абдуллаева шығармалары Қарақалпақстан музыка мәдениятының мазмунын байытып, профессионал музыка жанрларының раўажланыўына тәсир етти. Олар арқалы қарақалпақ поэзиясы музыка менен жаңа көркем формада бирикти, миллий интонациялар камер, симфониялық, вокаллық, фортепиано ҳәм театр жанрлары менен уйғынласты. Олардың педагогикалық мийнети де үлкен әҳмийетке ийе, себеби музыка өнериниң раўажланыўы тек шығарма жазыў менен шекленбейди, бәлки жас әўладқа билим бериў, кәсиплик мектеп қәлиплестириў ҳәм талантларды қоллап-қуўатлаў менен де байланыслы. Усы көзқарастан, Дарико Джанабаева ҳәм Улбийби Абдуллаева Қарақалпақстан музыка мәдениятында тек композитор сыпатында емес, бәлки педагог, методист ҳәм мәдений процесслердиң белсенди қатнасыўшылары сыпатында да әҳмийетли орын ийелейди.

Жуўмақ. Қарақалпақстан музыка мәдениятының раўажланыўында Дарико Джанабаева ҳәм Улбийби Абдуллаеваның тутқан орны айрықша. Дарико Джанабаева профессионал музыка тәлимин алған композитор, педагог ҳәм методист сыпатында камер-инструменталлық, фортепиано ҳәм вокал шығармалары менен үлкен үлес қосты. Оның 70 тен аслам романс ҳәм NUKUS · 2026

қосықлары халық арасында кең таралып, радио ҳәм телевидение арқалы тыңлаўшылардың жүрегинен орын алды. Улбийби Абдуллаева болса композитор, пианист, педагог, концертмейстер ҳәм музыка изертлеўшиси сыпатында көп қырлы дөретиўшилик жолын басып өтти. Оның балалар музыкасы, вокал, камер-инструменталлық, симфониялық, театр ҳәм кино X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA

жанрларындағы шығармалары Қарақалпақстан музыка репертуарын байытты. Еки композиторды байланыстыратуғын ең әҳмийетли мәселе — устаз ҳәм шәкирт дәстүрлериниң уйғынласыўы. Дарико Джанабаевадан композиция сырларын үйренген Улбийби Абдуллаева усы мектепти жаңа жанрлар ҳәм заманагөй дөретиўшилик изленислер менен толықтырды. Олардың өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги Қарақалпақстанда профессионал музыка өнериниң раўажланыўын, әйел композиторлардың жәмийеттеги абыройының өсиўин ҳәм миллий музыка дәстүрлериниң жаңа профессионал формаларда даўам етиўин көрсетеди. Сонлықтан олардың шығармаларын музыкалық-теориялық, жанрлық ҳәм педагогикалық көзқарастан еле де терең үйрениў, ноталық « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »

топламлар түринде баспадан шығарыў ҳәм музыка тәлими бағдарламаларына кең енгизиў мақсетке муўапық.

Пайдаланылған әдебиятлар 1. Джанабаева Д. өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққындағы биографиялық материаллар. 2024 ж. 217б 2. Абдуллаева У.К. өмири ҳәм композиторлық дөретиўшилиги ҳаққындағы материаллар. 2024 ж. 335б 3. Абдуллаева У.К., Даўлетмуратова Т. Қарақалпақ композиторларының вокал шығармалары. – Нөкис, 2012. 4. Абдуллаева У.К. Қарақалпақ композиторларының фортепиано шығармалары. – Нөкис, 2018. 5. Абдуллаева У.К. Бахасын жоғалтпаған намалар. – Нөкис, 2022. 6. Қарақалпақ кәсиплик музыка өнериниң раўажланыў тарийхына арналған илимий ҳәм методикалық материаллар. 2024 ж. 9б

Iqtiboslar dinamikasi

Bu ilmiy ishga ReLibrary’da chop etilgan ilmiy ishlarda hali iqtibos topilmadi.

ReLibraryTekshirilgan Metodologiya

Adabiyotlar6 ta adabiyot

  1. Джанабаева Д. өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққындағы биографиялық материаллар. 2024 ж. 217б
  2. Абдуллаева У.К. өмири ҳәм композиторлық дөретиўшилиги ҳаққындағы материаллар. 2024 ж. 335б
  3. Абдуллаева У.К., Даўлетмуратова Т. Қарақалпақ композиторларының вокал шығармалары. – Нөкис, 2012.
  4. Абдуллаева У.К. Қарақалпақ композиторларының фортепиано шығармалары. – Нөкис, 2018.
  5. Абдуллаева У.К. Бахасын жоғалтпаған намалар. – Нөкис, 2022.
  6. Қарақалпақ кәсиплик музыка өнериниң раўажланыў тарийхына арналған илимий ҳәм методикалық материаллар. 2024 ж. 9б

Metama’lumot

Identifikator
REL-C-014380
Nashr sanasi
2026-10-31
Til
o‘zbek
Konferensiyalar
«O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» mavzusidagi xalqaro ilmiy-amaliy konferensiya materiallari (Nukus, 2026-yil 9–10-oktyabr)
Jild
1
Son
6
DOI
10.66073/refocus-conf/0910197
Nashriyot
LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
Sahifa
974–979
Litsenziya
Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
Metadata manbasi
Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
Oxirgi yangilanish
2026-10-31