Ámiwdárya boyında suwdan paydalanıwdıń etnogeografiyalıq ózgesheligi
Balliyeva Ruza1, Jumamuratova Anarxan Abatovna22026
- 1Qoraqalpoq davlat universiteti https://ror.org/059w0gb06
- 2O‘zbekiston Respublikasi Ichki ishlar vazirligi Qoraqalpoq akademik litseyi
Konferensiyalar«O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» mavzusidagi xalqaro ilmiy-amaliy konferensiya materiallari (Nukus, 2026-yil 9–10-oktyabr)Jild 1Son 6Sahifa 62–67
Annotatsiya
Orolbo‘yi hududida suv resurslarining shakllanish jarayonlari, deltadagi tabiiy o‘zgarishlar, qoraqalpoq xalqining hayotida Amudaryoning roli, deltadagi xo‘jalik turlarining, xalqlarning etnomadaniyatining shakllanishida suv resurslarining o‘rni hamda undan foydalanishning etnogeografik xususiyatlari ochib berilgan.
Boshqa tillarda
ruschaЭтногеографические особенности водопользования в Приамударье
Раскрываются процессы формирования водных ресурсов в Приаралье, природные изменения в дельте, роль Амударьи в жизни каракалпакского народа, роль водных ресурсов в формировании видов хозяйственной деятельности в дельте и этнокультуры народов, а также этногеографические особенности их использования.
inglizchaEthnogeographic features of water use along the Amu Darya
The processes of water resource formation in the Aral Sea region, natural changes in the delta, the role of the Amu Darya in the life of the Karakalpak people, the role of water resources in the formation of economic structures and ethnoculture in the delta, and the ethnogeographic features of their use are explored.
Kalit so‘zlar
- Amudaryo
- suv resurslari
- delta landshafti
- aris
- urug‘
- etnomadaniyat
- ijtimoiy ahvol
To‘liq matn
Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni
Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.
R E S E A RC H F O C US xalqaro ilmiy jurnali hamkorligida
QR-kod maqolaning DOI sahifasini ochadi SAHIFALAR TIL 62–67 Qoraqalpoq (kirill)
IQTIBOS UCHUN Баллиева Руза, Жумамуратова Анархан Абатовна. Әмиўдәрья бойында суўдан пайдаланыўдың этногеографиялық өзгешелиги // «O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» mavzusidagi xalqaro ilmiy-amaliy konferensiya materiallari (Nukus, 2026-yil 9–10-oktyabr). – Nukus, 2026. – B. 62–67. – DOI: https://doi.org/10.66073/ReFocus-Conf/0910008
«O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» XALQARO ILMIY-AMALIY KONFERENSIYA NUKUS, 9–10-OKT YABR 2026
ӘМИЎДӘРЬЯ БОЙЫНДА СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎДЫҢ ЭТНОГЕОГРАФИЯЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИГИ Баллиева Руза Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры Жумамуратова Анархан Абатовна Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақ академиялық лицейи оқытыўшысы, еркин излениўши Аннотация: Аралбойы аймағында суў ресурсларының қәлиплесиў процесслери, дельтадағы тәбийғый өзгерислер, қарақалпақ халқының турмысында Әмиўдәрьяның роли, дельтадағы хожалық түрлериниң, халықлардың этномәдениятының қәлиплесиўинде суў ресурсларының орны ҳәм оннан пайдаланыўдың этногеографиялық өзгешеликлери ашып берилген. Таяныш сөзлер: Әмиўдәрья, суў ресурслары, дельта ландшафты, арыс, руў, этномәденият, социаллық аўҳал.
Аннотация: Оролбўйи ҳудудида сув ресурсларининг шаклланиш жараёнлари, дельтадаги табиий ўзгаришлар, қорақалпоқ халқининг ҳаётида Амударёнинг роли, дельтадаги хўжалик турларининг, халқларнинг этномаданиятининг шаклланишида сув ресурсларининг ўрни ҳамда ундан фойдаланишнинг этногеографик хусусиятлари очиб берилган.
Калит сўзлар: Амударё, сув ресурслари, дельта ландшафти, арис, уруғ, этномаданият, ижтимоий аҳвол Аннотация: Раскрываются процессы формирования водных ресурсов в Приаралье, природные изменения в дельте, роль Амударьи в жизни каракалпакского народа, роль водных ресурсов в формировании видов хозяйственной деятельности в дельте и этнокультуры народов, а также этногеографические особенности их использования.
Ключевые слова: Амударья, водные ресурсы, дельтовый ландшафт, арыс, род, этнокультура, социальное положение Abstract: The processes of water resource formation in the Aral Sea region, natural changes in the delta, the role of the Amu Darya in the life of the Karakalpak people, the role of water resources in the formation of economic structures and ethnoculture in the delta, and the ethnogeographic features of their use are explored.
Keywords: Amu Darya, water resources, delta landscape, arys, clan, ethnoculture, social status Үлкемиздиң тәбияты бул жерде жасаўшы халықлар, олардың этномәдениятының қәлиплесиўинде, социаллық структурасының дүзилисине тәсирин көрсетиўши баслы факторлардан бири суў ресурсы болып есапланады.
Суў тиришилик дереги деп бизиң үлкемиз ушын айтылған десек қәтелеспеймиз. Суўдың зәрурлиги дийқаншылығымыз, балықшылығымыз ушын болып қалмай барлық турмыс тәризимиздиң қәлиплесиўинде зәрур екенлигин жүрегимиздиң төринде, санамызды толық ийелеп алғанлығы ҳәр күни турмысымызда гезлестиремиз. Үлкен жастағы кекселерден баслап жасларымыздың сөз дизбегинде, кекселердиң пәтиясында, жасларымыздың тилегинде, қосықларымызда ҳәр күни жырланады. Дүньяның еш бир халқының суўымыз мол болғай деген NUKUS · 2026
пәтия ямаса тилегинде яки қосықларында ушыратпаймыз. Тек ғана усы үлкениң халқы суўдың соншелли дәрежеде бизиң жасап тиришилик қылыўымызда әҳмийетли екенлигин пүткил ақыл ойымыз бенен сеземиз. Соның ушын Әмиўдәрья қарақалпақ халқының халық болып жетилисиўинде, хожалық типлериниң, этномәдениятының қәлиплесиўинде X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA
үлкен әҳмийетке ийе болыў менен олардың тарийхы бир болып биргелесип кеткен. Арал бойы үлкесиниң тарийхына нәзер салатуғын болсақ, Әмиўдәрья бул жерде жасаўшы халықлар ушын бир жағынан ырысқы-несийбе болып, халықты бағып келген болса, екинши жағынан, мол суўлы ўақтында кенарыннан (аңғарынан) шығып ағып, албыратқан пайытлары ерке балаға уқсатсақ, бул үлкениң халқын, ерке перзентиниң еркелигин көтерип, оның ыңғайына бойсынып, тилегин тилеп, ерке болсаң да мениң ырысқы несийбемсең, мени бағыўшы перзентимсең деп басынан сыйпалап отырған анаға мегзетемен. Себеби, бул жерде жасаўшы халықлардың этномәдений ҳәм « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »
этносоциаллық жағдайларының қәлиплесиўинде Әмиўдәрьяның әҳмийети үлкен. Ҳақыйқатында да Әмиўдәрья өзиниң геологиялық тарийхында, бир қанша мәрте, өз аңғарын өзгертип турған. Төртлемши дәўирдиң (бул дәўир 1,5-2 млн. жыл алдын басланған ҳәм ҳәзир де даўам етпекте) биринши ярымында Қарақум тегислиги бойлап өзиниң суўын Каспий теңизине қуяды. Төртлемши дәўирдиң орталарында ол арқаға бурылып, Хорезм ойпатын суўландырады. Төртлемши дәўирдиң ақырларында Ақшадәрья дельтасын пайда етип, Дәўқара көлине қуйып, Сырдәрьяның әййемги дельта өзеги менен биригип кетеди. Буның нәтийжесинде Ақшадәрья, Арал бойы, Сарықамыс бойы дельталарын пайда етип, бул дельталар бойлап Әмиўдәрья бир неше рет өз ағысын өзгертип турған. Әмиўдәрья ағысының геологиялық дәўирдеги өзгерислери тийкарынан тәбийғый себеблер менен байланыслы болса, тарийхый дәўирдеги ағысының өзгерислерин тарийхшы илимпазларымыз социаллық себеблер менен байланыстырады. Әмиўдәрья арнасының бундай тез-тез өзгерип турыўы, дельта бойында тәбийғый ҳәм социаллық апатшылыққа ушырап турыўына алып келген. Әмиўдәрья пүткил Орта Азиядағы ең уллы дәрья. Әмиўдәрья дүньядағы суўы ең ылайлы дәрьялар қатарына киреди. Оның ҳәр бир куб.метр суўының қурамында орташа есап пенен 2600 грамм ылай бар. Өйткени Әмиўдәрья суўының ағысы, әсиресе таўлы бөлиминде күтә тез екенлигинен дәрьяның аңғарының жуўылыўы жүдә күшли болады. Сонлықтан да Әмиўдәрьяның тийкарғы саласы есапланатуғын Вахш суўы менен ҳәр жылы 84 млн. тоннадан зият майдаланған ҳәр түрли таў жыныслары ағады. Ол улыўма Әмиўдәрья суўын ылайтып жиберген.[6]
Ал тегисликке шыққаннан кейин Әмиўдәрья Қарақум ҳәм Қызылқумның бир-бири менен ушласқан жийеги бойынша ағатуғынлығы себепли дәрья жағалаўларындағы аңсат жуўылатуғын бос жыныслар суўдың ылайлығын және де көбейтип жибереди. Мәселен, орташа есап бойынша Керки қаласының тусында Әмиўдәрьяның ҳәр бир кубаметр суўының NUKUS · 2026
қурамында 4кг. нан зият ылай ағады. Әлбетте дәрья суўының ылайлылығы жыл даўамында бирдей емес. Дәрьяда ылайлы суўлар бәҳәр ҳәм жаз айларындағы суў тасқын күнлери бақланады. Қыста Әмиўдәрьяның суўы әдеўир тынық болады. Әмиўдәрья суўы ылайлы болыўы менен бир қатарда ҳәр қыйлы X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA
еритпелерге бай болыўы менен ажыралып турады. Олардың айырымлары өсимликлер ушын пайдалы. Есаплаўлар, Әмиўдәрья суўы менен суўғарылса, орташа есап бойынша ҳәр бир гектар атызда 2 тоннаға жақын углекислий, кальций, калий, фосфор ҳәм тағы басқа да ҳәр қыйлы химиялық еритпелерден дүзилген тәбийғый төгин қалатуғынлығын көрсеткен. Әмиўдәрья суўының қурамында жүдә аз муғдарда болса да, өсимликлер ушын зыянлы химиялық еритпелер де (ас дузы, глаўбер дузы, сода ҳ.т.б соларға усаған) бар. Усы алып келинген ылайлы Әмиўдәрья суўы бул жердиң тиришилиги ушын жүдә пайдалы болып, ата-бабаларымыз Әмиўдәрьядан тиккелей суў ишетуғын болған ҳәм оны пайдалы деп есаплаған. Өсимликлердиң « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »
раўажланыўында, топырақтың өнимдарлығының артыўына да Әмиўдәрьяның ылайлы суўы үлкен тәсирин көрсеткен. Соның менен бирге ҳәр жылы алынып келинген неше млн. тонна ылайлы уйықлар каналларды, жап салмаларды толтырып, оларды ҳәр жылы тазалаўға мәжбур болған.
Әмиўдәрья бурқасынлап ағып турған ўақытларында да бул жерде жасаўшы халықлар, әсиресе қарақалпақларға жүдә қыйын болған. Себеби жер бетиниң рельефи дәрья аңғарнан бәлент болғанлықтан суўдан пайдаланыў ҳәр қыйлы қурылмалар жәрдеминде, мысалыға шығыр менен суўғарыўға мәжбур болған. Әмиўдәрьядан каналлар, жаплар жарып алыў ушын бириншиден Хийўа ханнан рухсат алыныў керек болған, бирақ бул рухсат алыў аңсат болмаған. Оның ушын ханға қайсы урыў бийи көбрек пара берсе соған рухсат еткен.
Екиншиден канал яки жап жарып алыў ушын концентрацияласқан жумысшы күши зәрур болған. Бундай күшти тек ғана туўысқан жақын адамлар арасында ғана жәмленген. Булар руўласлар еди. Демек тез жүз беретуғын тәбийғый қубылыслар адамлардың коллектив болып биригиўин талап еткен.
Жоқарыда келтирип өтилгендей, қарақалпақлар Әмиўдәрьяның төменги ағысында руўлық-қәўимлик қатнаста еки үлкен топарға («арыс») бөлинген – «арыс он төрт урыў» ҳәм «арыс қоңырат». «Арыс он төрт урыў» Әмиўдәрьяның оң жағасында, Кегейли каналы бассейнинде, «арыс қоңырат» болса дельтаның арқа бөлиминде, Арал теңизине тутасқан жерлерде, сондайақ Әмиўдәрьяның шеп жағасында Хийўа ханлығының Қоңырат ҳәм Шүмекей бекликлеринде жайласқан.
Арыслар қарақалпақлар "жармыс," "жармыш," "жарған," "жарма" деп атайтуғын үлкен салмалар ҳәм магистраль каналлардың бойларына жайласқан. Канал атамасы "жармыс" сөзинен басқа, сол каналды өткизиў басламасын көтерген инсанның (бий, ақсақал) атын, гейде суў бөлистириўди өз қолына алған инсанның аты да қойылған. Арыслардың еки бөлекке бөлиниўине сәйкес, олардың аймақлары да бөлинген. Әсиресе, бул «арыс он төрт урыў»да айқын көринеди. «ҚытайNUKUS · 2026
қыпшақ» ҳәм «кенегес-маңғыт» қәўимлериниң аймақлары арасынан Кегейли каналы өтеди (Т.А.Жданконың «Кегейли бассейниниң ирригация тармағы» схемасы).[4 ] Бундай коллективизм тек ғана тәбияттан пайдаланыўда ғана болып қалмай турмыстың барлық тараўында зәрурлиги болып руўлар арасында X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA
туўысқаншылық беккемленип, әўладың көбейиўинде ҳәм олардың ден саўлығы беккем болыўы ушын ген тазалығына үлкен итибар қаратылған. Яғный ағайын туўысқан ҳәттеки бир урыўдан қыз алыспаған. Бир урыўдың баллары ҳәм қызлары ағалы қарындаслы болған. Жигитлер ҳәмме ўақытда урыў қызларының ар-намысының қорғаўшысы болған. Қарақалпақларда еки үлкен арыс ҳәм жүзден аслам урыўлар болып ҳәзирги күнге шекем бул урыўлар жүдә жақсы сақланып қалған. Қәлиплескен дельта ландшафтында көплеген көллер системасы пайда болған. Әсиресе, Әмиўдәрьяның дельтасы көллерге бай. Олардың көпшилиги (Даўыткөл, Хожакөл, Жамансай, Қаракөл ҳ.т.б.) пайда болыўы бойынша « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »
Әмиўдәрья ҳәм олардың тармақлары менен байланыслы. Айырымларының пайда болыўы ҳәм жасаўы (Үшқулаш, Турдыбай, Шанышқылы ҳ.т.б.) суўғарыў каналлары менен тиккелей байланыслы. Кейинги жыллары үлкемизде кеңнен таралған изейкеш ҳәм коллекторлардың суўлары ойпаўытлар менен қазаншуқырларға қуйдырылыўы нәтийжесинде суў айдынлары-көллер көбейип барды. Олар Хожакөл, Көптиң көли, Илмекөл, Машанкөл (Қоңырат районы), Моншақлы ҳәм Қаракөл (Шоманай районы), Қаратерең, Маўдың көли ҳәм Атакөл (Тахтакөпир районы), Көкшийел (Кегейли районы), Қырыққыз қала (Төрткүл районы) ҳәм Ақшадәрья (Елликқала районы). Әмиўдәрья дельтасында жайласқан бул көллер пайда болыўы ҳәм жасаўы бойынша қандай болыўына қарамастан, олардың онша терең емеслиги ҳәм ийелеген майданының турақлы болмаўы характерли. Бул көллерден балық аўланып усы жерде жасаўшы адамлардың күнделикли азық-аўқат рационында балық өнимлери менен тәмийинленип турылған. Көллердиң көплиги бул жерде жасаўшы халықлардың балықшылық пенен шуғылланыўына яғный балықшылық хожалық типлериниң пайда болыўына тәсирин жасаған. Соның менен көл жағалары өсимликлерге бай болыўына байланыслы шарўа малларының жуғымлы азығына айланған. Әсиресе Әмиўдәрья дельтасының суў жайылымлары менен көллердиң бойларында қалың қамысзарлықлар плантациялары болып, қамыстың бойы 3- 8 метрге шекем жетип өскен. Ал, ўақытша суў жайылмаларында бойы келтелеў болып 1,5-2 метрге шекем жетип қамыс пенен бир қатарда басқа өсимликлер де өседи (урық, жекен, қоға, суўпияз).[5]
Қамысзарлықлар бул жердиң ландшафтларының турақлылығын тәмийинлесе, бул жерде жасаўшы қарақалпақлардың турмыс тәризинде үлкен әҳмийетке ийе болған. Қамыс өсимлиги қара маллар ушын жүдә жуғымлы отжем болып, қарақалпақлар қара малларын барқулла бул қамысзарлықларға малларын айдап жиберип қойған ҳәм қысқы от жем ушын таярланылып NUKUS · 2026
қойылған. Буннан басқа үй-жай қурылысында тийкарғы қурылыс материалы ҳәм үй рузғар затлары ретинде де пайдаланылған. Дельтаның өсимликке бай болыўы бул жерде шарўашылықтың раўажланыўына тәсирин жасаған. Бир неше шарўа түрлери қәлиплескен. Дельтада ҳәр қыйлы тоғайға бай болып бул жерде айдап бағылатуғын, яғный X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA
тоғайларға малларды айдап жиберилип, маллар өзлери отлап, мәлим бир ўақытлардан соң өзлери қайытса, айрым ўақытлар маллардың ийеси тоғайлардан малларын излеп таўып алып қайтатуғын болған. Екинши бир түри шопанлардың жәрдеминде жайлаўларға айдалап бағылып, кешкурын үйлерге қайтарып алып келинген, үшинши бир түри дельтада дийқаншылық раўажланған жерлерде маллар байлап бағылып оларға жуғымлы от-шөплерден қысқы азық топланған. Ҳәр бир шарўа түринде де дельтадағы өсимлик қапламының қалыңлығы оның жуғымлығы шарўашылықтың раўажланыўына өзиниң үлкен тәсирин көрсеткен. [3] Ҳәр жылы Әмиўдәрьядан бир неше тонна алып келинген « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »
жатқызықлардың жатқызылыўы нәтийжесинде дельта топырағы жүдә өнимдарлы, минералларға бай топырақлардың қәлиплесиўине тәсирин жасап өнимдарлы топырақ қатламын пайда еткен. Бул өз гезегинде дельтада дийқаншылықтың раўажланыўына тәсирин жасаған. Әмиўдәрьяның ҳәмме ўақытда кәнарынан шығып ҳәм өзгертип турыўы бул үлке ушын тәбийғый апатшылық (природный риск) жүдә күшли болған, соның ушын Әмиўдәрьяның ҳәрекетине қарап бул жерде жасаўшы халықлар күн кеширген ҳәм этномәденияты қәлиплесип барған. Мысалыға қарақалпақлардың турақ жайларын алатуғын болсақ, Әмиўдәрьяның өз өзенин өзгертип узақласып барыўы менен турақлы жайлардың саны артып барады. Әмиўдәрьяның бойына жақын жайласқан жерлерде турақлы жайлардың саны кемирек, ўақтыншалық жасайтуғын жайлар көбрек болған. Мысалыға турақлы турақ жай менен тәмийинленгенлиги бойынша аймақлардың төрт топарын ажыратыў мүмкин. Турақлы турақ жай менен тәмийинленген биринши топарға бир турақлы турақ жай көби менен 5 шаңараққа туўры келетуғын аймақлар киреди. -Екинши топарда бир турақлы турақ жай 5-15 шаңараққа туўры келеди. -Үшинши топарда - 15-30 шаңараққа. -Төртинши топарға халықтың турақлы турақ жайлары болмаған аймақлар киреди.[1] Буны биз төмендеги таблицадан көриўимизге болады.
1-кесте. Районлар бойынша улыўма хожалықлар ҳәм турақлы турақ жай қурылған хожалықлар саны Районлар Хожалықлардың Турақлы турақ жай улыўма саны қурылған хожалықлар саны Даўқара 3044 101 Шымбай 12574 3505 NUKUS · 2026
Таллық 4803 654 Шорахан 10838 9653 Қызылқум ----- ---- Әмиўдәрья дельтасы Әмиўдәрья тармақларының ҳәм өзенлериниң X A L Q A R O I L M I Y- A M A L I Y K O N F E R E N S I YA
өзгериси себепли гейде кең майданлар суў менен толып халықтың үйлерин суў алып кетсе, гейде керисинше, аймақтың үлкен бөлеги суўдан айырылып, суўсызлықтан көшиўге мәжбур болған ҳәм еки жағдайда да халық таңлаған жасаў орнын тәрк етиўге мәжбүр болатуғын еди. Сонлықтан Дәўқара районында 3044 хожалықтың 1714-и бул районды ўақытша таслап кетип, турақ жайларын қалдырып кететуғын болған (ўақыт өтиўи менен қайтып келеди) ҳәм тек 101 хожалықтың ғана турақлы турақ жай имаратлары болады. Бул жердеги халық ярым отырықшы турмыс кеширген болса, Шорахан районының тәбийғый жағдайы бираз турақлы болыўына байланыслы бул жерде турақлы жайлар көплиги халықтың отырықшы турмыс « O ‘ Z B E K I S T O N O L I M A AY O L L A R I N I N G M A M L A K AT T A R A Q Q I Y O T I G A Q O ‘ S H AY O T G A N H I S S A S I »
кеширгенлигин көрсетеди.[2] Дельта ландшафты ҳәм оның тәбийғый ресурслары хожалық типлериниң қәлиплесиўине тийкар болған болса, тәбийғый жағдай, тәбийғый ресурслар ҳәм хожалық типлери бул жерде жасаўшы халықлардың үйжайлары, этник азықланыўы, кийим кеншеклери, үй рузғарлары, мийнет қуралларының қәлиплесиўине тәсирин көрсеткен. Жуўмақлап айтқанымызда Әмиўдәрья ҳәм оның пайда еткен дельта ландшафтлары ҳәм тәбийғый ресурслары дәрья бойында жасаўшы халықлардың этномәдениятының, турмыс тәризиниң ҳәм социаллық структурасының қәлиплесиўинде әҳмийети шексиз. Әлбетте қәлиплескен мәдениятымыз бенен бирге Азиз Әмиўдәрьямызды қәстерлип абайлап сақлайық, келешек әўладымызға мол суўлы, ырысқы-несийбели дәрья болып хызмет қылаберсин.
Пайдаланылған әдебиятлар 1. Баллиева Р. Природа особенности расселение и хозяйство Каракалпакии конце XIXв. начале XXв. Вестник МГУ. Серия география 1996. №4. 2. Баллиева Р. Традиционное природопользование и жилище//Вестник Каракалпак. Отд. Ак. Наук. Республики Узбекистан 2000. №4 -С.29-34. 3. Баллиева.Р Қарақалпақ этносы ҳәм тәбияттан дәстурий пайдаланыў. Нөкис 2026. - 236б. 4. Жданко Т.А. Очерки исторической этнографии каракалпаков //Труды Ин-та этнографии каракалпаков Ан СССР IX. М., 1950, -С.39. 5. Т.Таубаев Қарақалпақстанда қамыс өсимлигин пайдаланыўдың перспективалары. Нөкис 1959 -39б. 6. Пучков Б. Водное хозяйство ККАССР. Нукус, 1957
Iqtiboslar dinamikasi
ReLibraryTekshirilgan Metodologiya
Adabiyotlar6 ta adabiyot
- Баллиева Р. Природа особенности расселение и хозяйство Каракалпакии конце XIXв. начале XXв. Вестник МГУ. Серия география 1996. №4.
- Баллиева Р. Традиционное природопользование и жилище//Вестник Каракалпак. Отд. Ак. Наук. Республики Узбекистан 2000. №4 -С.29-34.
- Баллиева.Р Қарақалпақ этносы ҳәм тәбияттан дәстурий пайдаланыў. Нөкис 2026. -236б.
- Жданко Т.А. Очерки исторической этнографии каракалпаков //Труды Ин-та этнографии каракалпаков Ан СССР IX. М., 1950, -С.39.
- Т.Таубаев Қарақалпақстанда қамыс өсимлигин пайдаланыўдың перспективалары. Нөкис 1959 -39б.
- Пучков Б. Водное хозяйство ККАССР. Нукус, 1957
Metama’lumot
- Identifikator
- REL-C-014191
- Nashr sanasi
- 2026-10-31
- Til
- o‘zbek
- Konferensiyalar
- «O‘zbekiston olima ayollarining mamlakat taraqqiyotiga qo‘shayotgan hissasi» mavzusidagi xalqaro ilmiy-amaliy konferensiya materiallari (Nukus, 2026-yil 9–10-oktyabr)
- Jild
- 1
- Son
- 6
- DOI
- 10.66073/refocus-conf/0910008
- Nashriyot
- LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
- Sahifa
- 62–67
- Litsenziya
- Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
- Metadata manbasi
- Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
- Oxirgi yangilanish
- 2026-10-31