QORAQALPOG‘ISTON AGROBIOTSENOZLARIDA QISHLOQ XO‘JALIK EKINLARI ZARARKUNANDALARIGA EKOLOGIK OMILLAR O‘ZGARISHINING TA‘SIRINI ANIQLASH
Toreniyazov Elmurat SherniyazovichAwıl xojalıǵı ilimleriniń doktorı, professor Qaraqalpaqstan awıl xojalıǵı hám agrotexnologiyalar institutı2026
Konferensiyalar“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.Jild 1Son 1Sahifa 401–403
Annotatsiya
Maqolada Qoraqalpog‘iston agrobiotsenozida ekilayotgan qishloq xo‘jalik ekinlari turlarida tarqalgan zararkunandalarning rivojlanish bioekologiyasiga ekologik omillar ta‘sirini aniqlash bo‘yicha olib borilgan ilmiy tadqiqotlar natijalari keltirilgan.
Boshqa tillarda
ruschaОПРЕДЕЛЕНИЕ ВЛИЯНИЯ ИЗМЕНЕНИЯ ЭКОЛОГИЧЕСКИХ ФАКТОРОВ НА ВРЕДИТЕЛЕЙ СЕЛЬСКОХОЗЯЙСТВЕННЫХ КУЛЬТУР В АГРОБИОЦЕНОЗАХ КАРАКАЛПАКСТАНА
В статье приведены результаты научных исследований, проведённых с целью определения влияния экологических факторов на биоэкологию развития вредителей, распространённых на видах сельскохозяйственных культур, возделываемых в агробиоценозе Каракалпакстана.
inglizchaDETERMINING THE EFFECT OF CHANGES IN ECOLOGICAL FACTORS ON PESTS OF AGRICULTURAL CROPS IN THE AGROBIOCENOSES OF KARAKALPAKSTAN
The article presents the results of scientific research carried out to determine the influence of ecological factors on the developmental bioecology of pests distributed among the agricultural crop species cultivated in the agrobiocenosis of Karakalpakstan.
Kalit so‘zlar
- agrobiotsenoz
- o‘simlik
- ekinlar
- zararkunanda
- entomofag
- akarifag
- biologiya
- dinamika
- qarshi kurash
To‘liq matn
Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni
Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.
Matndagi telefon raqamlari shaxsiy ma’lumot sifatida yashirilgan.
УДК: 551.583+632.9 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АГРОБИОЦЕНОЗЫ АЎЫЛ ХОЖАЛЫҚ ЕГИНЛЕРИ ЗЫЯНКЕСЛЕРИНЕ ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ФАКТОРЛАР ӨЗГЕРИСИНИҢ ТӘСИРИН БЕЛГИЛЕЎ Төрениязов Елмурат Шерниязович Аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор Қаракалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты Тел. [telefon raqami yashirilgan], elmurat1960@umail.uz https://doi.org/10.5281/zenodo.19244532 Аннотация: Моқалада Қорақалпоғистон агробиоценозида экилаёдган қишлоқ хўжалик экинлари турларида тарқалған зараркунандаларнинг ривожланиш биоэкологиясига экологик омиллар таъсирини аниқлаш бўйича олиб борилган илмий тадқиқотлар натижалари келтирилган.
Аннотация: В статье представлены результаты научных исследований по определению влияния экологических факторов на биоэкологию развития вредителей, распространённых на видах сельскохозяйственных культур, возделываемых в агробиоценозе Каракалпакстана.
Annotation: The article presents the results of scientific research aimed at determining the influence of environmental factors on the bioecology of pest development distributed on agricultural crop species cultivated in the agrobiocenosis of Karakalpakstan..
Колит сўзлар: Агробиоценоз, ўсимлик, экинлар, зараркунанда, энтомофаг, акарифаг, биология, динамика, қарши кураш.
Ключевая слова: Агробиоценоз, растение, сельскохозяйственные культуры, вредитель, энтомофаг, акарифаг, биология, динамика, борьба Keywords: Agrobiocenosis, plant, agricultural crops, pest, entomophage, acariphage, biology, dynamics, control.
Кирисиў: Қарақалпақстан аймағының жайласыўы, ықлымы, топырақ ҳәм абиотикалық, биотикалық тәсирлер элементлери қурамы бойынша басқа орынлардан белгили бир айырмашылықлары менен парық қылады. Қысқа вегетация дәўири, кескин континентал ҳәм экстраорид қәсийетине ийе болған көрсеткишлери аймақда тез писер егинлер сортларын егиў, өзине тән болган агротехникалық илажларды қолланыў арқалы күтилген ҳасылды алыў имканияты болатуғынлығы менен ажыралып турады. Сонлықданда бундай агроықлым шараятында егилип атырған аўыл хожалық егинлери атызларында, усы микроықлым шараятына толық бейимлесген егинлер зыянкеслери менен энтомоакарифаглары түрлери биоценоздың тийкарғы ағзалари ретинде тиришилик ететуғынлығы белгили [5].
Усындай түрдеги нақолай абиотикалық ҳәм биотикалық тәсирлерге қарамасдан, көплеген егинлердиң зыянкеслери кең тарқалып, келтиретуғын зыянлылық дәрежеси жоқары болғанлықдан, оларға қарсы гүрес илажларын илимий тийкарланған нәтийжелер бойынша алып барылмаса жоқары көрсеткишлерге ийе болмайтуғынлығы толық тастыйықланған жағдайлардан есапланады. Буның үстине соңғы жыллардағы экологиялық факторлар өзгерислериниң кескинлесип барыўы, аймақда алдын ушыраспаған зыянкеслердиң пайда болып тийкарғы түрлерге айланыўына алып келиў жағдайлары жийелениспекде. Бундай биологиялық байланыслар келтирип атырған нақолайлылықлардың алдын алыўдың тийкары, аўыл хожалық егинлеринде пайда болған зыянкеслердиң раўажланыў биоэкологиясын, соңғы жыллары өзгерислерге ушыраған абиотикалық, биотикалық тәсирлер элементлерин есапқа алған түрде қарсы гүрес илажларын, илимий тийкарда шөлкемлестириў бүгинги аўыл хожалығындағы ең актуал мәселелерден есапланады.
Материал ҳәм усыллар: Аўыл хожалық егинлери атызларында пайда болатуғын зыянкеслердиң түрлерин, раўажланыў биоэкологиясы, динамикасы ҳәм келтиретуғын зыянлылығын анықлап [4,7], оларға қарсы алып барылатуғын гүрес илажларын шөлкемлестириў [3,6,7], абиотикалық тәсирлер өзгерисин анықлаў [2], жумысларының нәтийжелерин анықлаў ушын илимий тәжирийбелерди қойыў ҳәм алынған мағлыўматларды статистик анализлер қылыў [1], усы тараўда илимий-изертлеўлер алып барыў ушын ислеп шығылған методикалық қолланба ҳәм усыллар жәрдеминде әмелге асырылды.
Изертлеўлер нәтийжелери ҳәм талқылаў: Қарақалпақстан аймағының агроықлым, топырақ, өсимликлер дүньясы ҳәм аўыл хожалық егинлери сортлары бойынша тийкарынан еки аймаққа ажыралып, усылардан арқа районлары хожалықларында пахта, бийдай, салы, сабзавот-палыз, өт-жемлик егинлер, мийўе бағлары тийкарғы майданларға егиледи. Көрсетилген егинлердиң түрлери бойынша биоценоздың тийкарғы элементлери есапланған зыянкеслеринен, гүзлик, үндеў белгиси бар, ғаўаша, жабайы, гамма совкалары, трипс, шырынжалардың бир нешше түрлери, атыз, жоңышқа клопы, әпиўайы өрмекши кене түрлери тарқалып, зыян келтиретуғын тийкарғы зыянкеслер ретинде есапқа алынған болып, булардың тийкарғыларына қарсы гүрес илажлары алып барылмақда.
Соңғы жыллардағы жүз берген абиотикалық ҳәм биотикалық тәсирлердиң өзгерислерине тийкар, аўыл хожалық егинлери атызларында алдын ушыраспаған зыянкеслерден қаўын шыбыны, помидор күйеси, картошка күйеси, ерик-қамыс шырынжасы, шабдал шырынжасы, мийўе өрмекши кеңеси, мийўе қоңыр кенеси, ыссыхана аққанаты, ғаўаша аққанаты, Калифорния қалқанлысы, Комсток қурты, фиолет реңли қалқанлысы түрлери пайда болып, тез ўақытта кең майданларға тарқалып, зыян келтирмекде. Бундай зыянкеслерге қарсы алып барылып атырған гүрес илажларына қарамасдан жыл сайын келтирип атырған зыянлылық дәрежелери артып бармақда. Бул бойынша жүз берип атырған жағдайлардың себеблерин анықлаў ушын абиотикалық, биотикалық факторлар өзгерислери үйренилгенде тийкарғы мүмкиншиликлери илмий жақдан дәлилленди.
Соңғы жыллардағы экологиялық өзгерислердиң айқын көзге тасланған элементлеринен абиотикалық факторлардың тийкарғылары есапланған ҳаўа температурасының қыс айларындағы бираз жумсарып, топырақ бетиниң тоңламаўы. Аймақдағы 90 күн деп есапланған үш ай қыс даўамында ҳаўа температурасының 0,0 0С жоқары болып, күнлик орташа суўықдың 10 0С төменлейтуғын күнлер саны кескин кемейип кетиўи, қыслап атырған зыянкеслер түрлериниң толық аман шығыўына имканият жаратып бермекде.
Биринши нәўбетте, зыянкеслердиң қыслаўға таярланатуғын сентябрь айындағы ҳаўа темепратурасының 17,3-18,0 оС ҳәм қыслаўға толық кететуғын октябрь айында 9,3-12,5 оС дәрежесинде сақланып турыўы, барлық зыянкес түрлериниң қолайлы имканиятлардан пайдаланып қыслаўға кететуғынлығын дәлиллейди. Бақлаўлар алып барылған 2015-2016 ҳәм 2019-2020-жыллардағы қыс айларында ҳаўаның орташа күнлик температурасының 10 0С төменлеген, минимал дәрежесиниң 15 0С пәске түскен күнлери есапқа алынбаған болса, 2016-2017-жыллары, декабрь, январь, февраль айларында 4,4 күн, 2017-2018- жыллары 18,19 күн, 2018-2019-жыллары 2,3 күн, 2020-2021-жыллары 14,18, күн, 2021- 2022-жыллары 1,2, күн, 2022-2023-жыллары 16,20, күн ҳәм 2023-2024-жыллары 5,4, күн даўам етиўи, қыслап атырған зыянкеслердиң толық аман шығыўына имканият жаратғанын дәлиллеп тур.
Буның үстине, март айының үшинши он күнлигиндеги орташа күнлик температураның 10,4-12,6 оС көтерилиўи ҳәм апрель айының биринши он күнлигине барып 13,5-20,0 оС дәрежесине жетип, май айында 20,2-24,6 оС, июньда-28,8-26,8 оС, июльда 28,2-29,9 оС, августа-26,8-26,7 оС болғанлығы, аймақ шараятында тарқалған зыянкеслериниң жоқары дәрежедеги қолайлылықлар тәсиринен раўажланатуғынлығын тастыйықлады. Нәтийжеде, вегетация дәўириндеги ҳаўа температурасының төменги шегерасы 10 оС баслап есаплағанда,октябрь айының ақырына дейин 2020-жылы 2457,2 оС, 2021-жылы 2846,4 оС, 2022-жылы 2625,9 оС, 2023-жылы 2656,5 оС, 2024-жылы 2554,8 оС, 2025-жылы 2723,5 оС пайдалы ыссылық топлағанлығы, әўлатларының толық раўажланыўына имканият жаратып беретуғынлығын дәлиллейди. Буннан тысқары вегетация дәўириндеги ҳаўаның салыстырмалы ығаллылық дәрежесиниң бираз кемейип кететуғынлығы, усындай микроықлым шараятында көбейетуғын түрлердиң ғалаба раўажланыўын тәмийнлейди.
Жуўмақ ҳәм усыныс: Қарақалпақстан агроықлым шараятындағы абиотикалық, биотикалық тәсирлердиң, ҳаўа температурасының қысда бираз жумсақ келиўи, вегетация дәўири басланыўындағы интенсив көтерилип барыўы, ҳаўаның салыстырмалы ығаллылық дәрежесиниң бираз пәсейип кетиўи аймақда тарқалған зыянкеслердиң таза түрлериниң пайда болыўы, тийкарғы түрлерине айланыўындағы баслы имканият екенлиги дәлилленди. Бундай имканиятларда раўажланатуғын зыянкеслерге қарсы алып барылып атырған гүрес илажларының күтилген нәтийжелер беретуғын дәрежеде алып барыў ушын, түрлердиң биоэкологияслық раўажланыў, динамикасы ҳәм келтиретуғын зыянлылық дәрежесин өзгерип атырған абиотикалық, биотикалық тәсирлер элементлери бойынша анықлап алыў керек болады. Биринши нәўбетте, биоценоздагы энтомоакарифаглар түрлерин көбейтириў, олардың түрлери бойынша биологиялық гүрес илажларын ислеп шығыўдың илимий тийкарларын өндириске қолланыў талап етиледи.
1. Доспехов Б.Д. Методикa полевого опытa (4-ое изд.). –Москвa: «Колос», 1986. –С. 25-340. 2. Мaтмурaтов Ж. «Aгроклимaтические условия северо-зaпaдного Узбекистaнa». – Нукус «Кaрaкaлпaкстaн», 1989 –С. 25-151. 3. Кимсанбоев Х.Х. Биолабораторияларда энтомофагларни кўпайтириш. –Тошкент: «Ўқитувчи», 2000. –Б. 3-32. 4. Танский В.И. Биологические основы вредоносноети насекомых-М: «Агропромиздат».-1988-С 89-150 5.Торениязов Е.Ш., Хўжаев Ш.Т., Холмуродов Э.А. Ўсимликларни ҳимоя қилиш – Тошкент: «Наврўз», 2018. –Б. 278-381. 6. Хўжaев Ш.Т. Aгротоксикология aсослaри ҳaмдa тaдқиқот ўткaзиш қоидaлaри. – Тошкент: «Munis design group» МЧЖ, 2018. –Б. 4-132. 7. Хўжaев Ш.Т. Қишлоқ хўжалигида пестицидларни ишлатиш ҳамда тадқиқот ўтказиш усул ва шартлари. –Тошкент: «Zilol buloq» , 2020. –152 б.
Iqtiboslar dinamikasi
ReLibraryTekshirilgan Metodologiya
Adabiyotlar7 ta adabiyot
- Доспехов Б.Д. Методикa полевого опытa (4-ое изд.). –Москвa: «Колос», 1986. –С. 25-340.
- Мaтмурaтов Ж. «Aгроклимaтические условия северо-зaпaдного Узбекистaнa». –Нукус «Кaрaкaлпaкстaн», 1989 –С. 25-151.
- Кимсанбоев Х.Х. Биолабораторияларда энтомофагларни кўпайтириш. –Тошкент: «Ўқитувчи», 2000. –Б. 3-32.
- Танский В.И. Биологические основы вредоносноети насекомых-М: «Агропромиздат».-1988-С 89-150
- 5.Торениязов Е.Ш., Хўжаев Ш.Т., Холмуродов Э.А. Ўсимликларни ҳимоя қилиш –Тошкент: «Наврўз», 2018. –Б. 278-381.
- Хўжaев Ш.Т. Aгротоксикология aсослaри ҳaмдa тaдқиқот ўткaзиш қоидaлaри. –Тошкент: «Munis design group» МЧЖ, 2018. –Б. 4-132.
- Хўжaев Ш.Т. Қишлоқ хўжалигида пестицидларни ишлатиш ҳамда тадқиқот ўтказиш усул ва шартлари. –Тошкент: «Zilol buloq» , 2020. –152 б.
Metama’lumot
- Identifikator
- REL-C-011991
- Nashr sanasi
- 2026-04-07
- Til
- o‘zbek
- Konferensiyalar
- “SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.
- Jild
- 1
- Son
- 1
- DOI
- 10.66073/41wkyq51
- Nashriyot
- LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
- Sahifa
- 401–403
- Litsenziya
- Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
- Metadata manbasi
- Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
- Oxirgi yangilanish
- 2026-08-06