Asosiy mazmunga o‘tish

QISHLOQ XO‘JALIK EKINLARI ZARARKUNANDALARINING QISHLASHGA KETISH, CHIQISH VA QISHLASH DAVRIDAGI ABIOTIK TA‘SIRLARNING AHAMIYATI

Toreniyazov Elmurat Sherniyazovich1, Zhandauletov Abatbay2, Shamuratov Kural Turdybaevich, Zhumamuratova Dilbar2026

  1. 1Awıl xojalıǵı ilimleriniń doktorı, professor Qaraqalpaqstan awıl xojalıǵı hám agrotexnologiyalar institutı
  2. 2Qaraqalpaqstan diyxanshılıq ilimiy-izertlew institutı

Konferensiyalar“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.Jild 1Son 1Sahifa 398–400

Annotatsiya

Moqalada Qoraqalpog‘iston sharoitida sungi yillari vujudtga kelgan ekologik omillar o‘zgarishining zararkunandalar turlari qishlab chiqishidagi ijabiy ta‘sirlarini aniqlash  bo‘yicha olib borilayotgan ilmiy tadqiqotlar natijalari keltirilgan.

Boshqa tillarda

ruschaЗНАЧЕНИЕ АБИОТИЧЕСКИХ ФАКТОРОВ В ПЕРИОД УХОДА НА ЗИМОВКУ, ВЫХОДА ИЗ ЗИМОВКИ И ЗИМОВКИ ВРЕДИТЕЛЕЙ СЕЛЬСКОХОЗЯЙСТВЕННЫХ КУЛЬТУР

В статье представлены результаты научных исследований, проведенных с целью определения положительного влияния изменений факторов окружающей среды, произошедших в последние годы, на зимовку вредителей в условиях Каракалпакстана.

inglizchaTHE IMPORTANCE OF ABIOTIC FACTORS DURING THE ENTRY INTO OVERWINTERING, EMERGENCE AND OVERWINTERING PERIOD OF AGRICULTURAL CROP PESTS

The article presents the results of scientific research conducted to determine the positive effects of changes in environmental factors that have occurred in recent years on the overwintering of pest species in the conditions of Karakalpakstan.

Kalit so‘zlar

  • harorat
  • past
  • maqbul
  • yuqori darajalari
  • nisbiy namlik
  • zararkunanda
  • entomofag
  • biologiya
  • dinamika

To‘liq matn

Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni

Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.

Matndagi telefon raqamlari shaxsiy ma’lumot sifatida yashirilgan.

УДК: 632.575 АЎЫЛ ХОЖАЛЫҚ ЕГИНЛЕРИ ЗЫЯНКЕСЛЕРИНИҢ ҚЫСЛАЎҒА КЕТИЎ, ШЫҒЫЎ ҲӘМ ҚЫСЛАЎ ПАЙЫТЫНДАҒЫ АБИОТИКАЛЫҚ ТӘСИРЛЕРДИҢ ӘҲМИЙЕТИ Төрениязов Елмурат Шерниязович Аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор Қаракалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты Тел. [telefon raqami yashirilgan], elmurat1960@umail.uz Жандаулетов Абатбай Қарақалпақстан дийханшылық илимий-изертлеў институты Шамуратов Қурал Турдыбаевич Жумамуратова Дилбар Қарақалпақстан дийханшылық илимий-изертлеў институты https://doi.org/10.5281/zenodo.19244506 Аннотация: Моқалада Қорақалпоғистон шароитида сунги йиллари вужудтга келган экологик омиллар ўзгаришининг зараркунандалар турлари қишлаб чиқишидаги ижабий таъсирларини аниқлаш бўйича олиб борилаётган илмий тадқиқотлар натижалари келтирилган. Аннотация: В статье преведены результаты исследований по определению изменения критерий экологических факторов, произошевщие в последные годы и их положительные влияние на перезимовку видов вредителей в условиях Каракалпакстана. Annotation: The article presents the results of scientific research conducted to determine the positive effects of changes in environmental factors that have occurred in recent years on the overwintering of pest species in the conditions of Karakalpakstan. Колит сўзлар: Ҳарорат, паст, мақбул, юқори даражалари, нисбий намлик, зараркунанда, энтомофаг, биология, динамика. Ключевая слова: Температура, нижные, оптималные, максимальные пределы, относителный влажность, вредителей,энтомофаги, биология, динамика. Keywords: Temperature, low, optimal, high levels, relative humidity, pest, entomophagus, biology, dynamics. Кирисиў: Тәбиятдағы биологиялық денелердиң өзлерине тән болған белгилери арқалы бир-биринен ажыралып туратуғын өсимликлер ҳәм ҳайўанлар тиришилиги ушын биринши нәўбетте абиотикалық, биотикалық тәсирлердиң элементлери талап етиледи. Усылар тийкарында барлық географиялық орынлардағы өсимлик ҳәм ҳайўанлар биоценозы пайда болатуғынлығы белгили. Бундай жағдай аўыл хожалығы егинлериниң түрлери бойынша дүзилген биоценоздың ағзалары ушында ең әҳмийетли тәсирлерден есапланады. Соңғы жыллардағы абиотикалық тәсирлер элементлериниң өзгерислери, биринши нәўбетте усы егинлер түрлери биоценозы ағзаларының өзгериўине алып келмекде. Егинлердиң өсипраўажланыў ҳәм ҳасыл топлаўына унамлы ҳәм унамсыз тәсир ететуғын буўынаяқлылар түрлериниң усындай экологиялық тәсирлерди тез қабыл етиў қәсийетлери, зыянкеслериниң түрлери өзгериўине, таза түрлердиң пайда болыўына алып келмекде. Бундай жағдайлардың жүз бериўи Қарақалпакстан шараятындағы қыс айларының жумсарып кетиўи нәтийжесинде, көплеген аўыл хожалық егинлери зыянкеслериниң қыслап шығыў имканиятларын көтерип жибермекде. Сонлықданда усындай тәсирлерден есапланған аўыл хожалық егинлери атызларында қыслап шығыў пайытындағы пайда болып атырған қолайлылықларды аныклап, зыянкеслерине қарсы гүрес илажларын жетилистириў, илимий-изертлеўлер тийкарында таза түрлерин ислеп шығыў бүгинги ең баслы актуал мәселелерден есапланады.

Материал ҳәм усыллар: Аймақ шараятындағы абиотикалық тәсирлер өзгерислерин үйрениў [3], зыянкеслер раўажланыўы, қыслап шығыўы ушын пайда болып атырған қолайлылықларды белгилеў [5,7],соңғы жыллары пайда болған түрлерин есапқа алыў [1], зыянлылығын анықлаў [6], оларға қарсы гүрес алып барыўдағы [4,5,8,9], илимий тәжирийбелерди қойыў ҳәм алынған мағлыўматларды статистик анализлер қылыў [2], усы тараў ушын берилген методикалық қолланбалар жәрдеминде орынланды. Изертлеўлер нәтийжелери ҳәм талқылаў: Қарақалпақстан агроықлым шараяты өткен әсирдиң 70-80 жылларына дейин, көплеген көрсеткишлери тәрепинен өсимликлер ҳам биоценоздың ағзалары ушын қолайлы болыўы менен бирге нақолай имкантияларға ийе болғанлығы, алынған мағлыўматлар тийкарында тастыйықланған. Аймақдың кескин континенталлығы, кыс айларындағы болып туратуғын суўықдың 20-30 0С төменлеўи, топырақ бетиниң 80-100 см тереңликде тоңлаўы, аўыл хожалық егинлери түрлеринде зыян келтиретуғын зыянкеслериниң усындай нақолайлылықлардан набыт болатуғынлығын дәлиллейди. Бул бойынша соңғы жыллардағы алып барылып атырған илимий-изертлеў жумысларымыз нәтийжелери, аймақтың арқа районларындағы аўыл хожалық егинлери атызларында раўажланған зыянкеслердиң қыслаўға таярланатуғын сентябрь айындағы ҳаўа темепратурасының 17,3-18,0 оС ҳәм қыслаўға толық кететуғын октябрь айында 9,3-12,5 оС дәрежесинде сақланып турыўы, биоэкологиясындағы ең әҳмийетли қәийетлеринен бири, қыслаўға толық физиологиялық жақдан таяр ҳалында қыслаўға кетиўин тәмийнлейди. Қыс айларындағы 90 күн даўамындағы орташа күнлик ҳаўа температурасының 0,0 0С төменлемейтуғын күнлери саны артып атырғанлығы есапқа алынды. Ҳәттеки усы күнлер даўамындағы ҳаўаның орташа күнлик температурасының 10 0С төменлеген, минимал дәрежесиниң 15 0С пәске түскен күнлери 2015-2016 ҳәм 2019-2020-жыллардағы қыс айларында бир мәртеде есапқа алынбады. Бундай күнлердиң саны 2020-2021-жыллары 14,18, күн, 2021-2022-жыллары 1,2, күн, 2022-2023-жыллары 16,20, күн ҳәм 2023-2024- жыллары 5,4, күн даўам етиўи, қыслаўға кетген зыянкесалердиң қолайлы шараятына қосымша, ең жоқары дәрежедеги қыслаў имканиятларын жаратып бергенлиги есапқа алынды. Буның үстине, соңғы бес жылдағы март айының он күнликлериндеги орташа күнлик ҳаўа температураның 2021-жылы 2,4-8,7 0С, 2022-жылы 2,3-7,2 0С, 2023-жылы 9,2-15,2 0С, 2024-жылы 3,0-10,4 0С ҳәм 2025-жылы 0,3-12,6 0С әтирапында сақланған болса, апрель айында көрсетилген жыллар бойынша 14,3-19,1; 18,2-19,5; 13,2-21,7; 13,5-21,0; 16,4-21,4 оС көтерилиўи ҳәм май айында 21,4-29,3; 20,5-22,3; 20,3-25,2; 19,6-20,5; 23,2-26,3 оС болғанлығы, аймақ шараятында тарқалған зыянкеслериниң қыслаўдан шығыўдан баслап, жоқары дәрежедеги қолайлылықлар тәсиринен раўажланып атырғанлығын дәлиллейди. Көрсетилген жыллардағы гүз айларында жоқары қолайлылықларға ийе болған шараятда қыслаўға кетген, қыслап шыққан ҳәм бәҳәрдеги абзал болған абиотикалық факторлардан пайдаланған зыянкеслердиң түрлери ғалаба көбейиўине қолайлы имканиятлар жаратып берилди. Нәтийжеде, аўыл хожалық егинлери атызларында усы жыллар даўамында, алдын аймағымыз шараятында кем санда арқалған, ҳәттеки ушыраспаған зыянкеслерден қаўын шыбыны (Myiopardalis pardalina Big.), помидор күйеси (Tuta absoluta), картошка күйеси (Phthorimaea operculella Zell.), ерик-қамыс шырынжасы (Hyalopterus pruni geoffr.), шабдал шырынжасы (Myzodes persicae Sulz.), мийўе өрмекши кеңеси (Tetranychus viennensis Zacher.), мийўе қоңыр кенеси (Bryobia redikorzevi Reck.), ыссыхана аққанаты (Trialeurodes vaporariorum Westw.), ғаўаша аққанаты (Bemisia tabaci Genn.), Калифорния қалқанлысы (Quadraspidiotus perniciosus Conis), Комсток қурты (Psludococcus comstocki Kuw), фиолет реңли қалқанлы (Parlatoria oleae Colvee.) пайда болып, көплеген егинлерден алынатуғын ҳасылды набыт еткенлиги менен ажыралып турды.

Жуўмақ ҳәм усыныс: Қарақалпақстан аймағындағы гүз, қыс ҳәм бәҳәр айларындағы жүзеге келген ҳаўа температурасының жумсарып кетиўи, аўыл хожалық егинлери атызларында алдын ушыраспаған зыянкеслердиң пайда болып тарқалыўына имканият жаратып берип атырған тийкарғы унамлы тәсирлерден екенлиги анықланды. Бундай зыянкеслер түрлерине қарсы гүрес илажларын туўры шөлкемлестириў ушын, биоценоздың тийкарғы элементлери есапланган энтомоакарифавглар түрлериниң көбейиўи ушын қолайлы шараят жаратып бериў, ҳәр бир түрге қарсы биологиялық гүрес илажларын ислеп шығыў, усыныслған агротехникалық илажларды гүз-бәҳәр айларында толық орынлаў усыныс етиледи. Пайдаланылған методик көрсетпелер 1. Голуб В.Б., Колесова Д.А., Шуровенков Ю.Б. Энтомологические и фитопатологические коллекции, их составление и хранение. –Воронеж: «Изд.ВУ», 1980. – С. 116-228. 2.Доспехов Б. А. Методика полевого опыта (с основами статистической обработки результатов исследований): учебник для высших сельскохозяйственных учебных заведений /Стереотипное издание. Перепечатка с 5-го изд., доп. и перераб. - М.: Альянс, 2014. - 351 с. 3. Мaтмурaтов Ж. «Aгроклимaтические условия северо-зaпaдного Узбекистaнa». – Нукус «Кaрaкaлпaкстaн», 1989 –С. 25-151. 4. Кимсанбоев Х.Х. Биолабораторияларда энтомофагларни кўпайтириш. –Тошкент: «Ўқитувчи», 2000. –Б. 3-32. 5. Сагитов А.О., Исмухаметов Ж.Д., Койшибоев М.К. Методические указания по учёту и выявлению опасный вредителей и болезней сельскохозяйственных угодий. «ГОО Издательство», «Бастау» Алматы, 2003.

6. Танский В.И. Биологические основы вредоносноети насекомых-М: «Агропромиздат».-1988-С 89-150 7.Торениязов Е.Ш., Хўжаев Ш.Т., Холмуродов Э.А. Ўсимликларни ҳимоя қилиш – Тошкент: «Наврўз», 2018. –Б. 278-381. 8. Хўжaев Ш.Т. Aгротоксикология aсослaри ҳaмдa тaдқиқот ўткaзиш қоидaлaри. – Тошкент: «Munis design group» МЧЖ, 2018. –Б. 4-132. 9. Хўжaев Ш.Т. Қишлоқ хўжалигида пестицидларни ишлатиш ҳамда тадқиқот ўтказиш усул ва шартлари. –Тошкент: «Zilol buloq» , 2020. –152 б.

Iqtiboslar dinamikasi

Bu ilmiy ishga ReLibrary’da chop etilgan ilmiy ishlarda hali iqtibos topilmadi.

ReLibraryTekshirilgan Metodologiya

Adabiyotlar9 ta adabiyot

  1. Голуб В.Б., Колесова Д.А., Шуровенков Ю.Б. Энтомологические и фитопатологические коллекции, их составление и хранение. –Воронеж: «Изд.ВУ», 1980. –С. 116-228.
  2. 2.Доспехов Б. А. Методика полевого опыта (с основами статистической обработки результатов исследований): учебник для высших сельскохозяйственных учебных заведений /Стереотипное издание. Перепечатка с 5-го изд., доп. и перераб. - М.: Альянс, 2014. - 351 с.
  3. Мaтмурaтов Ж. «Aгроклимaтические условия северо-зaпaдного Узбекистaнa». –Нукус «Кaрaкaлпaкстaн», 1989 –С. 25-151.
  4. Кимсанбоев Х.Х. Биолабораторияларда энтомофагларни кўпайтириш. –Тошкент: «Ўқитувчи», 2000. –Б. 3-32.
  5. Сагитов А.О., Исмухаметов Ж.Д., Койшибоев М.К. Методические указания по учёту и выявлению опасный вредителей и болезней сельскохозяйственных угодий. «ГОО Издательство», «Бастау» Алматы, 2003.
  6. Танский В.И. Биологические основы вредоносноети насекомых-М: «Агропромиздат».-1988-С 89-150
  7. 7.Торениязов Е.Ш., Хўжаев Ш.Т., Холмуродов Э.А. Ўсимликларни ҳимоя қилиш –Тошкент: «Наврўз», 2018. –Б. 278-381.
  8. Хўжaев Ш.Т. Aгротоксикология aсослaри ҳaмдa тaдқиқот ўткaзиш қоидaлaри. –Тошкент: «Munis design group» МЧЖ, 2018. –Б. 4-132.
  9. Хўжaев Ш.Т. Қишлоқ хўжалигида пестицидларни ишлатиш ҳамда тадқиқот ўтказиш усул ва шартлари. –Тошкент: «Zilol buloq» , 2020. –152 б.

Metama’lumot

Identifikator
REL-C-011990
Nashr sanasi
2026-04-07
Til
o‘zbek
Konferensiyalar
“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.
Jild
1
Son
1
DOI
10.66073/xsr3zh30
Nashriyot
LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
Sahifa
398–400
Litsenziya
Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
Ko‘rishlar
12026-10-28 dan beri o‘lchanmoqda
Metadata manbasi
Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
Oxirgi yangilanish
2026-08-06