Asosiy mazmunga o‘tish

QORAQALPOG‘ISTON SHAROITIDA QOVUNNING «ALA GURBEK» NAVINI YETISHTIRISH AGROTEXNIKASI

Djalimbetov Musa AyapbergenovichSPE va KITI, KRes ITS direktori2026

Konferensiyalar“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.Jild 1Son 1Sahifa 376–378

Annotatsiya

Qovunning Ala gurbek navi yoz pishar navlardan bo‘lib, urug‘i unib chiqqandan so‘ng 94-105 kunda pishib yetilishadi. Yuqori hosildor, gektaridan 300-315 tsentner qovun hosili beradi.

Boshqa tillarda

ruschaАГРОТЕХНИКА ВЫРАЩИВАНИЯ СОРТА ДЫНИ «АЛА ГУРБЕК» В УСЛОВИЯХ КАРАКАЛПАКСТАНА

Сорт дыни «Ала Гурбек» относится к летнеспелым сортам и созревает через 94-105 дней после прорастания семян. Он отличается высокой урожайностью, давая 300-315 центнеров дыни с гектара.

inglizchaAGROTECHNOLOGY OF CULTIVATING THE "ALA GURBEK" MELON VARIETY IN THE CONDITIONS OF KARAKALPAKSTAN

Ala gurbek variety of melon is one of the summer ripening varieties and ripens in 94-105 days after the seeds germinate. It is highly productive, yields 300-315 centners of melon per hectare.

Kalit so‘zlar

  • Ala gurbek qovun navi
  • navning biologiyasi
  • yetishtirish agrotexnikasi
  • ekish
  • sug‘orish
  • oziqlantirish
  • kasallik va zararkunandalarga qarshi kurash
  • hosilni yig‘ish

To‘liq matn

Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni

Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.

УДК: 631., 635.61. ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАҒДАЙЫНДА ҚАЎЫННЫҢ «АЛА ГУРБЕК» СОРТЫН ЖЕТИСТИРИЎ АГРОТЕХНИКАСЫ Джалимбетов Муса Аяпбергенович СПЭ ва КИТИ, КРес ИТС директоры https://doi.org/10.5281/zenodo.19244443 Аннотация: Қовуннинг Ала гурбек нави ёз пишар навлардан бўлиб, уруғи униб чиққандан сўнг 94-105 кунда пишиб етилишади. Юқори ҳосилдор, гектаридан 300-315 центнер қовун ҳосили беради. Калит сўзлар: Қовуннинг “Ала гурбек нави”, навнинг биологияси, етиштириш агротехникаси, экиш, суғориш, озиқлантириш, касаллик ва зараркундаларга қарши кураш, ҳосилни йиғиш. Аннотация: Дыня сорта «Ала Гурбек» один из летнеспелых сортов, созревающий через 94-105 дней после прорастания семян. Она отличается высокой урожайностью, давая 300-315 центнеров с гектара. Ключевые слова: Сорт дыни «Ала Гурбек», биология сорта, агротехника выращивания, посев, полив, подкормка, борьба с болезнями и вредителями, сбор урожая. Abstract: The Ala Gurbek melon variety is a summer-ripening cultivar, ripening 94-105 days after seed germination. It is characterized by high yields, yielding 300-315 centners per hectare. Keywords: Ala Gurbek melon variety, variety biology, cultivation techniques, sowing, irrigation, fertilizing, disease and pest control, harvesting. Қаўынның «Ала гурбек» сорты биологиясы. Ала гурбек сорты қаўынның жаз писер ең жақсы сортларының бири есапланады. Қарақалпақстанның барлық районларына ҳәм Хорезм областына кеңнен таралған. Ала гурбектиң 16 дан аслам формасы бар. Ала гурбек қаўын сорты қабығының сырты тегис, ирилиги орташа, узынлығы 24-26 см, салмағы 3-6 кг, формасы шар тәризли, торлары бир-бири менен тутасқан, улыўма сыртқы реңи гунгирт сары. Ети қалың (6-7 см), талшықлары нәзик, тығызлығы орташа, жудә суўлы, қурамында қанд муғдары көп (14-16%). Толық пискенде ети жумсақ, жудә мазалы болады. Пәллесиниң қалыңлығы орташа, тухымы ири, жиңишке сопақ, ақ реңде болады. Бир қаўыннан 332-34 грамм тухым шығады. Ала гурбек сорты орта писер сорт болып, тухымы көгергеннен кейин 94-105 кунде писип жетилиседи. Жоқары зурәәтли, гектарынан 300-315 центнер өним береди. Ҳәр бир тубинде орта есап пенен 2-3 қаўын болады. Басқа жерлерге жибериў ушын шыдамлылығы орташа, 15-20 кунге шекем сақлаўға болады. Таза пискен туринде желинеди, кептириў ушын жарамлы, қаўыннан жоқары сапалы 7-8% қақ алыўға болады. Агротехникасы. Қаўынның Ала гурбек сортын бурынғы салы, жуўери, мәкке атызларына, партаў ҳәм тың жерлерге егилген жағдайда жокары зурәәт береди. Каўынлар органикалык, ширинди затларга бай, самал кағып ҳәм кун нуры жақсы тусип туратугын жерлерде жудә жақсы өседи. Сая тусетугын жерлерге егилген каўынлардың мазасы болмайды, зурәәти аз болады.

Қаўынның Ала гурбек сорты жеңил ҳәм орташа соға топыраклы жерлерге егилсе, жақсы зурәәт береди. Каўын нәллери жақсы раўажланып, жақсы тамыр урғаннан кейин топырақтың азмаз ашшылығына шыдайды, дузлардьң бир қанша жоқары муғдары алдағы уақытта қаўын туйнеклеринде қанттың көбирек муғдарда топланыуына жәрдем береди. Топырақтың сурим қатламында дуз муғдары 0,2-0,3%, соннан хлор 0,01-0,04% болса, бундай жерлерде палыз егинлери нормал дәрежеде өсип раўажлана алады. Жерлерди шайып суўғарыў ҳәзирги уақытта егислик жерлердиң шорланыўына қарсы гуресиў ең тийкарғы әмелий илажлардан есапланады. Егер жер аз дәрежеде шорланған болса, онда улыўма нормасы гектарына 1500-2000 кубометр суў бериледи, орташа шорланған жерлер (шудигарланған участкаларда) еки-уш рет шайып суўғарылып, гектарына 3000-5000 кубометр суў бериледи. Жерлерди егиске таярлаў. Қауыннан жоқары зурәәт алыу ушын жерди терең етип суриў керек. Қаўынды гузде 40-45 см тереңликте сурилип шудигарланып қойылған, жақсы шайып суўғарылған участкаларға егиўди усыныс етиледи. Бәҳәрде жерди шайып суўғарғаннан кейин жер тапқа келиўден атызларда ызғарлықты сақлаў ушын еки тәреплеме тырмаланады. Бул, топырақта ызғарлықтың сакланыўына, жердиң бир кәлипте тапқа келиўине ҳәм жерди егис алды ислеў ўақтында сурим катламының жақсы майдаланыўына жәрдемлеседи. Буннан кейин терең чизеллениў менен бирге мала басылады ҳәм қауын егиледи. Кауын кеш (майдың ақырында) егилетугын болса, онда егис алдында жерди чизеллеў ямаса оны 28-30 см тереңликте аудармай суриў талап етиледи, усыннан кейин атыз бетиниң топырағын тегислеў хәм топырақты тығызлаў мақсетинде мала басылады. Егис. Қаўын егиу ушын жарылатуғын карықлардың арасы 2,0-2,5 м, тереңлиги 50- 60 см ге шекем, қарықтың ени 80—90 см болады. Хәр бир шанақтың аралығы ерте писер сортлар ушын 70 см, ал орта писер хәм кеш писер сортлар ушын 1 метр болыўы керек. Қаўын егиўде тек ири, толық, сау тухымлар ғана жоқары зурәәт береди. Сонлықтан егиўден алдын тухымлар салыстырма салмағына қарай сортланады (ирикленеди). Тухымлар дәслеп ас дузының 1-2% ли еритпесине салынады хәм суў менен тез шайылып алынады. Тухым хәр бир шанақа 5-6 данадан 4-5 см тереңликте егиледи. Нәллердиң толык көгериуин тәмийинлеў ушын хәр бир шанақтың устине ширинди қый, қум ямаса ағаштың майда қырындысы 1 см калыңлыкта салынып шығылады. Қаўынның Ала гурбек сортын ерте муддетлерде егиў керек: Қарақалпақстанның туслик районларда 10 апрельден 1-май аралығында, арка районларда 20-апрельден 10-май аралығында егиў усыныс етиледи. Ерте ҳәм орта писер қаўын тухымларының егис нормасы 4-5 кг/га. Қауын егислигин тарбиялау жумыслары. Қаўынларды тәрбиялаў жумыслары нәллерди бирлеўден, пәлеклерин (қолларын) өсиў бағдарларына қарай дурыслап жибериўден, қосымша азықландырыўдан, кетпенлеўден, қарык жарыўдан, туплерин жумсартып домбықлаўдан, қатар араларын культивациялаўдан ҳәм суўғарыўдан ибарат. Нәл бир қулақ, болған дәўиринде қаўынның қарық аралары чизель-культиватор менен 15-20 см тереңликте биринши рет жумсартылып шығылады. Бунда қаўынның егилиў схемасына карай бир ямаса еки бағдарда жумсартылады. Шанақлардың топырағы қол менен жумсартылып, нәллердиң туби жеңиллеў домбықланып шығылады.

Қаўын нәллери көгерип шыққаннан кейин арадан 30-35 кун өткеннен соң, нәллер 3- 4 қулақ бола баслаған ўақытта қарық, аралары еки бағдарда жумсартылады, нәллердиң айнала дөгереклери терең етилип босатылады ҳәм домбықланады. Сол ўақытта нәллер биротала бирленеди ҳәм хәр бир шанакта бир туптен нәл қалдырылады. Қарық аралары отвалсыз плуг пенен 30-35 см тереңликте сурилип жумсартылады. Буннан кейин нәллердиң дөгереклери қол менен жумсартылып шығылады хәм домбықланады. Усының менен карык араларын жумсартыў жумыслары тийкарынан тамамланады. Сууғарыу. Қаўында 3-4 ҳақыйқый қулақ (жапырақ) пайда болғанда (көгерип шыққаннан кейин 30-35 куннен соң) биринши вегетативлиқ суў бериледи. Қаўын қарықлары азмаз ағыс пенен 1-2 кун даўамында суўғарылады, яғный 2-3 кун даўамында 4- 5 мәртебе қайталанады, қарықтың ортасына шекем ағызылады, бунда қарық аралары тереңирек ызғарланады, бирак қарықтың басына суў шығып кетиуине жол қоймау керек. Суўғарғаннан кейин 2-3 куннен соң қарық аралары екинши мәртебе терең етилип жумсартылады ҳәм домбықланады. Азықландырыу. Илмий тәжирийбелердиң мағлуматы бойынша, қауын топырақтан 117-163 кг азот, 42-60 кг фосфор алады. Қауын егилетуғын жерлерге гузде жергиликли ҳәм минерал төгинлер берилип, 30-35 см етип шудигарлап қойылады. Қаўынға бир жыллық норма есабынан гектарына минерал төгинлерден 90-120 кг азот хәм 90-120 кг фосфор, 50 кг калий бериледи. Фосфор ҳәм калий төгинлери гузги шудигарлаў, ал азот төгинлери жерди егистен алдын ислеў ўақтында бериледи. Кеселлик ҳəм зыянкеслери. Қауында көп ушырайтуғын ҳәм көп зыян келтиретуғын кеселликлери: фузариоз солыў, ун-шудринг ҳәм басқалар. Зыянкеслеринен аққанат, қаўын шыбыны, палыз ширеси, өрмекшикене, кемириўши кўкқурт қаўынға кушли зыян келтиреди. Қаўын кеселликлерине қарсы агротехник илажларды дурыс алып барыў арқалы гуресиледи, алмаслап егиў, тухымларды препаратлар менен ислеў бериў, қатар араларына сыпатлы ислеў бериў, көллетип суғармаў х.т.б. Қауынға көп зыян келтиретуғы қаўын шыбынына қарсы гурес өсимликтиң гуллеў дәўиринде басланып, 3-4 мәрте химиялық препаратлар менен ислеў бериледи. Препаратлардан: Карбофос 50% к.э -2 кг/га, Фуфанон 57% к.э -1 кг/га, Пилигрим 24,7% к.э -0,2 кг/га, Нестор 20% -0,3 кг/га. Аққанат зыянкеси муғдары көп болғанда: аппловуд, саффлауд 25% н.кук.-0,5 кг/га; (пирипроксифен) адмирал 10% эм.к.-0,5 л/га; (ацетамиприд) комилот, нестер, энтоспилан, моспилан 20% н.к.-0,3 кг/га препаратларын қолланыў усынылады. Зүрəəтти жыйнаў. Ала гурбек сорты ерте (10 апрел - 1 май) егилген жағдайда июл айы 3 ши хәм август айы 1 ши он кунлигинде писип жетилиседи. Пискен кауынлары мәўсимде 3-4 мәртебе, ягный сабағынан аңсат жулынатугын ўақытта жыйнап алынады. Қаўынлар ерте азан менен узип алынады, пәлеклеринен узип алынғанда қалдырылған муртларының узынлығы 2-3 см болыўы керек. Узип алынган қаўынлар атыздан қол менен көтерип ямаса усти жумсак зәмберге салып шығарылып, ишине алдын-ала сабан төселген көликлер менен алып кетиледи.

Iqtiboslar dinamikasi

Bu ilmiy ishga ReLibrary’da chop etilgan ilmiy ishlarda hali iqtibos topilmadi.

ReLibraryTekshirilgan Metodologiya

Adabiyotlar5 ta adabiyot

  1. Қауында көп ушырайтуғын ҳәм көп зыян келтиретуғын кеселликлери: фузариоз солыў, ун-шудринг ҳәм басқалар. Зыянкеслеринен аққанат, қаўын шыбыны, палыз ширеси, өрмекшикене, кемириўши кўкқурт қаўынға кушли зыян келтиреди.
  2. Қаўын кеселликлерине қарсы агротехник илажларды дурыс алып барыў арқалы гуресиледи, алмаслап егиў, тухымларды препаратлар менен ислеў бериў, қатар араларына сыпатлы ислеў бериў, көллетип суғармаў х.т.б.
  3. Қауынға көп зыян келтиретуғы қаўын шыбынына қарсы гурес өсимликтиң гуллеў дәўиринде басланып, 3-4 мәрте химиялық препаратлар менен ислеў бериледи. Препаратлардан: Карбофос 50% к.э -2 кг/га, Фуфанон 57% к.э -1 кг/га, Пилигрим 24,7% к.э -0,2 кг/га, Нестор 20% -0,3 кг/га.
  4. Аққанат зыянкеси муғдары көп болғанда: аппловуд, саффлауд 25% н.кук.-0,5 кг/га; (пирипроксифен) адмирал 10% эм.к.-0,5 л/га; (ацетамиприд) комилот, нестер, энтоспилан, моспилан 20% н.к.-0,3 кг/га препаратларын қолланыў усынылады.
  5. Зүрәәтти жыйнаў. Ала гурбек сорты ерте (10 апрел - 1 май) егилген жағдайда июл айы 3 ши хәм август айы 1 ши он кунлигинде писип жетилиседи. Пискен кауынлары мәўсимде 3-4 мәртебе, ягный сабағынан аңсат жулынатугын ўақытта жыйнап алынады. Қаўынлар ерте азан менен узип алынады, пәлеклеринен узип алынғанда қалдырылған муртларының узынлығы 2-3 см болыўы керек. Узип алынган қаўынлар атыздан қол менен көтерип ямаса усти жумсак зәмберге салып шығарылып, ишине алдын-ала сабан төселген көликлер менен алып кетиледи.

Metama’lumot

Identifikator
REL-C-011985
Nashr sanasi
2026-04-07
Til
o‘zbek
Konferensiyalar
“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.
Jild
1
Son
1
DOI
10.66073/dd8d7215
Nashriyot
LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
Sahifa
376–378
Litsenziya
Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
Ko‘rishlar
12026-10-10 dan beri o‘lchanmoqda
Metadata manbasi
Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
Oxirgi yangilanish
2026-08-06