QORAQALPOG‘ISTON SHAROITIDA AMARANT O‘SIMLIGINI YETISHTIRISH AGROTEXNOLOGIYASI
Turdyshev Bekmurat Khojamuratovich1, Seytbaev Rao‘aj Sarsenbaevich2, Berdikeev Baymurza Bekmurzaevich32026
- 1Qaraqalpaqstan diyqanshılıq ilim-izertlew institutı direktorı q.x.f.n., k.i.x.
- 2Qoraqalpog‘iston dehqonchilik ilmiy tadqiqot instituti, Qishloq xo‘jaligi ekinlari agrotexnologiyasi va tuproq unumdorligi laboratoriyasi mudiri q.x.f.f.d., k.i.x.
- 3Qoraqalpog‘iston dehqonchilik ilmiy tadqiqot instituti Ozuqa ekinlar seleksiyasi va urug‘chiligi laboratoriyasi mudiri.
Konferensiyalar“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.Jild 1Son 1Sahifa 218–221
Annotatsiya
Ushbu maqolada Qoraqalpog‘iston sharoitida amarant o‘simligini yetishtirish agrotexnologiyasi keltirilgan. Bunda o‘simlikning xalq xo‘jaligidagi ahamiyati, ekishga urug‘ni tayyorlash va ekish usullari, biologiyasi, kultivatsiya, oziqlantirish, sug‘orish me‘yorlari, zararkunandalarga qarshi kurash choralari, silos tayyorlash va saqlash hamda hosilni yig‘ib olish usullari keltirilgan.
Boshqa tillarda
ruschaАГРОТЕХНОЛОГИЯ ВЫРАЩИВАНИЯ РАСТЕНИЯ АМАРАНТ В УСЛОВИЯХ КАРАКАЛПАКСТАНА
В данной статье представлены агротехнологии выращивания амаранта в условиях Каракалпакстана. Описаны значение растения для народного хозяйства, методы подготовки семян к посеву и посадке, биология, выращивание, кормление, стандарты орошения, меры борьбы с вредителями, методы приготовления и хранения силоса, а также уборка урожая.
inglizchaAGROTECHNOLOGY OF GROWING AMARANTH PLANT IN THE CONDITIONS OF KARAKALPAKSTAN
This article presents the agrotechnology of growing amaranth in the conditions of Karakalpakstan. It describes the importance of the plant in the national economy, methods of preparing seeds for sowing and planting, biology, cultivation, feeding, irrigation standards, pest control measures, methods of preparing and storing silage, and harvesting.
Kalit so‘zlar
- amarant
- texnologiya
- urug‘
- vegetatsiya
- kultivatsiya
- o‘g‘it me‘yorlari
- sug‘orish me‘yorlari
- silos tayyorlash
- hosilni yig‘ib olish
To‘liq matn
Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni
Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.
УДК: 631, 582.663. ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ШӘРӘЯТЫНДА АМАРАНТ ЎСИМЛИГИН ЖЕТИСТИРИЎ АГРОТЕХНОЛОГИЯСЫ Турдышев Бекмурат Хожамуратович Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў инстиути директори қ.х.ф.н., к.и.х. Сейтбаев Раўаж Сарсенбаевич Қорақалпоғистон деҳқончилик илмий тадқиқот институти, Қишлоқ хўжалиги экинлари агротехнологияси ва тупроқ унумдорлиги лабораторияси мудири қ.x.ф.ф.д., к.и.х. Бердикеев Баймурза Бекмурзаевич Қорақалпоғистон деҳқончилик илмий тадқиқот институти Озуха экинлар селекцияси ва уруғчилиги лабороторияси мудири. https://doi.org/10.5281/zenodo.19243886 Аннотация: Ушбу мақолада Қорақалпоғистон шароитида амарант ўсимлигини етиштириш агротехнологияси келтирилган. Бунда ўсимликнинг халқ хўжалигидаги аҳамияти, экишга уруғни тайёрлаш ва экиш усуллари, биологияси, культивация, озиқлантириш, суғориш меъёрлари, зараркунандаларга қарши кураш чоралари, силос тайёрлаш ва сақлаш ҳамда ҳосилни йиғиб олиш усуллари келтирилган.
Калит сўзлар: Амарант, технология, уруғ, вегетация, культивация, ўғит меъёрлари, суғориш меъёрлари, силос тайёрлаш ҳосилни йиғиб олиш.
Аннотация: В данной статье представлена агротехнология выращивания амаранта в условиях Каракалпакстана. Приведены сведения о значении растения в народном хозяйстве, способы подготовки семян к посеву и посев, биология растений, культивации, подкормка, нормах полива, меры борьбы с вредителями, способы заготовки и хранения силоса и уборки урожая.
Ключевые слова: Амарант, технология, семена, вегетация, посев, культивация, подкормка, меры борбы к вредителям, нормы полива, заготовка силоса, сбор урожая.
Abstract: This article presents the agrotechnology of amaranth cultivation in the conditions of Karakalpakstan. Information is provided on the plant's importance in the national economy, seed preparation methods for sowing and sowing, biology, cultivation, feeding, irrigation norms, pest control measures, silos harvesting and storage methods, and harvesting.
Keywords: Amaranth, technology, seed, vegetation, cultivation, fertilizer rates, irrigation rates, silage harvesting, harvesting.
Ҳалық хожалығындағы əҳмийети. Амарант өсимлиги бүгинги күнде әҳмийети артып атырған сийрек ушырасатуғын өсимлик болып есапланады. Ол азық-аўқат қәўипсизлиги, саламат аўқатланыў ҳәм экологиялық турақлылық көзқарасынан оғада әҳмийетли болып есапланады. Амарант – шарўашылық, қусшылық, азық-аўқат, фармацевтика ҳәм косметика санатында кең пайдаланылатуғын көп мақсетли егин есапланады. Амарант майының өзи дүняда ҳәр жылы ярым миллиард долларға сатылады ҳәм оған болған талап жылына шама менен 12 % ке өсип бармақта. Амарант унына болған талап та жылдан-жылға өсип бармақта, ол белоклардыү лкен процентин өз ишине алады ҳәм клейковина жетиспеўшилигине болған адамлар ушын саламат аўқатланыў ҳәм терапевтик аўқатланыў ушын зәрүр есапланады. Сондайақ амарант азықлық қәсийетлерине ийе болып, жоқары азық бирлигине ийе от-жем ушын жетистириўде аҳмийетли егин есапланады.
Амарант жоқары азықлық қунлылыққа ийе, оның қурамында белок, темир, кальций, магний сыяқлы минераллар ҳәм витаминлер көп муғдарда бар. Әсиресе, амарант дәниндеги белок қурамы инсан организми ушын зәрүр болған аминокислоталарға байлығы менен ажыралып турады. Соның ушын ол саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаўшы өним сыпатында қәдирленеди. Амарант аўыл хожалығында экономикалық жақтан нәтийжели егин болып есапланады. Ол қурғақшылыққа шыдамлы, ҳәр қыйлы климат шараятларына бейимлесе алады ҳәм аз суў талап етеди. Бул болса климат өзгериўи шараятында оны стратегиялық әҳмиетке ийе егинге айландырмақта. Сонлықтан оны жетистириў ҳәм қайта ислеўди кеңейтиў әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.
Х.Алланов., О.Сотторов., М.Нормурадовалардыӊ [1] мағлыўматларында Амарант ыссы сүйер ҳәм жақты сүйер өсимлик есапланады. Амарант өсимлиги егилетуғын майданлар гүзде 25-28 см тереӊликте шүдигар етилип, жерди сүриўден алдын органикалық ҳәм минерал төгинлер менен азықландырылады. Ерте бәҳәрде жерлер тегисленип, жабайы шөплерден тазаланады. Амарантты турақлы жыллы ҳаўа-райында (апрель-май айларында), топырақтыӊ туқым түскен тереӊлиги 10-12 градусқа шекем қызған ўақытта егиў усыныс етиледи.
Амарант дәнинен таярланған уны ҳәм жапырағы сапалы, пайдалы азықлық қәсийетке ийе екенлиги, амарант майы темир, фосфор, кальий, Б1, Б2, Е ҳәм Д витаминлер топары, фосфолипидлер, фитостеролларға байлығы. белгили [2,3] Биологиясы. Амарант (латынша аты - Amaranthus) — бир жыллық шөп тәризли өсимлик болып, амарантлар туқымласына тийисли. Ол азық-аўқат, дәрилик ҳәм декоратив өсимлик сыпатында кеңнен жетистириледи. Тамыр системасы жақсы раўажланған болып, топырақтың 1-2 метр тереңлигине шекем кирип барады. Пақалы тик өседи, шақаланған, бийиклиги 50 см ден 3 метрге шекем жетеди. Пақалы қалың ҳәм ширели болады. Жапырағы ири, узынша ямаса мәйек тәризли формада. Реӊи жасыл, айырым түрлеринде қызғиш ямаса фиолет ренде болиўи мүмкин. Гули майда, көп санлы, масақ ямаса шақа гүл топламын пайда етеди. Гүллери әдетте еки жыныслы. Мийўеси майда дән (туқым) болып, 1 өсимлик 200-500 минға шекем туқым бере алады. Туқымы жылтыр, ақ, сары ямаса қара ренде болады. Ыссы сүйер өсимлик (оптимал температура 25-300С), қурғақшылыққа шыдамлы. Амарант тийкарынан туқым арқалы көбейеди. Туқымлары майда болғаны ушын жер бетине жақын (2 см тереңликке) егиледи.
Егиске жерлерди ҳəм туқым таярлаў: Амарант өсириу технологиясы басқа өсимликлерге қарағанда өзгешеликке ийе. Еӊ баслысы амарант еглетуғын атыз мукыятлап тегислемек керек, майда топырақ беретуғын жабайы шөплерден таза механикалық қурамы бойынша орташа хәм жеңил топырақлы жерлер болыуы керек. Туқымды егсике таярлағанда дәнниң диаметри 0,85-1,0 мм болып, оның 1 килограммында 1,6-1,5 млн. дана тухым болады. Тухым оғада майда болғанлықтан оны 1:10 қатнасындай муғдарда еленген топыраққа суперфосфот төгини пенен араластырыў керек. Егистен алдын тухымды 8-10 саат даўамында жибитилсе, тез хәм толық нәл алыўға жәрдем етеди.
Егис. Амарант өсимлигин егиўде тийкарынан СО-4,2 (овощной) сеялкасынан пайдаланылады. Сеялканың штанга пружиналарын босатып оны еркин хәрекет етиў дәрежесине әкелиў керек. Солай еткенде тухымды 1,5-2,0 см тереңликке егиўге ерисемиз. Суғарылып егилетуғын жерлерде тухым 1,0-2,0 см тереңликке егилиўи керек. Усы тереңликте егилгенде тухым 5-7 кунде көгерип шығады. Егисти ерте бәхәрде жер тапқа келиўден баслаў керек. Тухымның өнип шыгыўы топырақтыӊ тухым жатқан қатламындағы температура 10-120С болғанда басланады.Тухым терең егилген сайын оның өнип шығыу ўақты созыла береди. Егисти 70(60)х20-25см схемада егиў усыныс етиледи. Егис нормасы хәр гектар жерге 1,0-1,5 кг. Бундай муғдардағы тухым себилгенде хәр бир погон метрге 15- 30 дана тухым туседи. Кейин ала кесесине 2-3 рет тырмалаў хәм жабайы шөплерден тазалаў ўақтында сийреклетлиў хәр бир метрде 4-6 өсимликтен қалдырылады, бирақ хәр гектарда нәл 70 мыңнан зыят болмаўы керек. Егер қалыӊ егилсе өним муғдары хәм сапасы кемейеди. Хәр түп өсимлик 2-3 метр бийикликке хәм 0,5-1 метр енине шақаланады. Жақсы өсип раўажланса бир түп өсимлик 25-30 килограммға шекем салмаққа ийе болады.
Культивация. Амарантта 2-3 та ҳақыйқый жапырақ пайда болғанда, өсимлик аралығы 10-15 см нормада бирленеди. Нәллер толық өнип шыққаннан соң 3-4 ҳәптt даўамында жабайы шөплерден тазалап турыў зәрүр. Амарант қатар арасына 2 мәртебе культивация өткериледи. Биринши культивация етиў амарант қатарларда толық нәллер пайда болып, өсимликте 2-3 шын жапырақ пайда болғанда, 5-6 см тереңликте, екинши культивация, өсимликте 7-8 жапырақ пайда болғанда 8-10 см тереңликте өткериледи. Бир ай өткеннен кейин, амарант интенсив өсиўди баслайды ҳәм жабайы шөплер қәўип туўдырмайды. Амарант егинлеринде жабайы шөплерди қадағалаўда химиялық қадағалаў усыллары кең қолланылады, кеминде 10 см бийикликке жеткенде жабайы шөплерге қарсы гербицидлер қолланылады.
Азықландырыў. Амарантқа минерал ҳәм органикалық төгинлер жақсы тәсир етеди, олардан пайдаланыў менен көк массаның өсиўи 40% ке жетеди. Амарантты азықландырыў өсимликте 2-3 ҳәм 6-8 жапырақ пайда болғанда өткериледи. Азот нормасы 80-100 кг/га, фосфор 40-60 кг/га, кальий 90-100 кг/га. Қурамында гумус аз топырақларда 30-50 т/га органикалық төгинлер егис алдын, жерди сүриўде бериледи.
Суўғарыў. Амарант қурғақшылыққа шыдамлы өсимлик болып, суўды аз талап етеди. Дән ҳәм собықлы егинлерге қарағанда 2,0-2,5 есе кем суўды пайдаланады. Суўгариў ушын өсимликте 12-14 жапырақ пайда болғанда, суўғарыў салмалары 15-25 см тереңликте таярланады. Әпиўайы усылда өсимлик қатар араларына, кеминде 2 мәрте суўғарылады, суўғарыў нормасы 300-500 м3/га. Амарантты жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў усылында да суўғарыў мүмкин, бунда суўғарыў нормасы 50-80 м3/га.
Зыянкеслерге қарсы гүрес: Бул өсимлик дәслепки даўирде әсте ақырын өсип рауажланады. Кейин ала өсиў тезлигин жабайы шөплерди де басып кетеди. Зыянлы жанликлерге карсы гүресиўде хәр га есабынан 80 % ли хлорофос-1,2-1,5 кг,40 % ли метафос-1кг хәм физалон 35%ли -3-3,5 кг.
Зүрəəтти жыйнаў. Туқымлық амарант туқымы ушин егилгенде өнимди жийнаў өсимлик гүллеў басланғаннан 40 күн өтип, туқымлардың кеминде 80% пискенде басланады. Амарант дән жетистириў ушын егилген атызларда еки басқышлы жыйын-терим жумыслары дән комбайнлары менен әмелге асырылады, биринши масақлар шаўып алынып туқымлар жыйнап алынады.
Көк масса өнимди пайдаланыў ушын егилгенде өнимди жыйнаў амаранттың гүллеў дәўири басланыўында әмелге асырылады. Амарантты басқа егинлер менен аралас егип 2-3 мәрте орып малларға беруге болады. Көк массаны орыу гуллеу фазасында өткериледи. Бул дауирде өсимликте ең жоқары муғдарда болек хәм каротин болады. Оны орыў Сlaas Lexion, John Deere X9 New Holland CR10.90 маркали комбайнлары менен өткериледи. Силос ушын орыў дәўиринде оның ығаллығы 80 % тен кем болмаўы керек. Силос таярлаў ҳəм сақлаў: Амарант мәкке менен қосып силосланғанда оның сапасы жақсыланады. Силос бастыратуғын жердиң ултанына 60-80 см қалыңлықта 3% ли аммиак себилген салы сабаны төселсе силостың маллар ушын жуғымлығын арттырыуға унамлы тәсир етеди. Амарант - жоқары белоклы өсимлик болғанлықтан силостағы температура 370С тан аспаўы керек. Траншеяға жыйналатуғын силостың хәр күнги бийиклик муғдары 1метрден аспаўы керек. Егер де силос бензол, прокион хәм уксус кислоталары менен ислетилсе ондағы қант сақланыў муғдары 94-98% ти курайды. Пайдаланылған əдебиятлар дизими 1. Алланов Х.,Соттров А., Нормурадова М «Амарант ўсимлигини етиштириш технологияси». Агро илм журнали №2, 2021. -Б.34-35. 2. Умарова Ф.А., Тухтахунов К., Муминов М., “Перспективы использования Амаранта (AmaranthusL.) в фармацевтике” Международный научный журнал «Общество науки и творчества». SCINCETIME. 2017 г .-С.344- 349.
Iqtiboslar dinamikasi
ReLibraryTekshirilgan Metodologiya
Adabiyotlar2 ta adabiyot
- Алланов Х.,Соттров А., Нормурадова М «Амарант ўсимлигини етиштириш технологияси». Агро илм журнали №2, 2021. -Б.34-35.
- Умарова Ф.А., Тухтахунов К., Муминов М., “Перспективы использования Амаранта (AmaranthusL.) в фармацевтике” Международный научный журнал «Общество науки и творчества». SCINCETIME. 2017 г .-С.344- 349.
Metama’lumot
- Identifikator
- REL-C-011947
- Nashr sanasi
- 2026-04-07
- Til
- o‘zbek
- Konferensiyalar
- “SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.
- Jild
- 1
- Son
- 1
- DOI
- 10.66073/refocus-conf/1070
- Nashriyot
- LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
- Sahifa
- 218–221
- Litsenziya
- Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
- Ko‘rishlar
- 12026-10-28 dan beri o‘lchanmoqda
- Metadata manbasi
- Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
- Oxirgi yangilanish
- 2026-08-25