Asosiy mazmunga o‘tish

QORAQALPOG‘ISTON AGROBIOTSENOZIDA EKILAYOTGAN MOSH O‘SIMLIGI BO‘YICHA MUAMMOLARNI ANIQLASH VA RIVOJLANTIRISH IMKONIYATLARI

Aleuova Aysuliu Tanatar Girl1, Turdyshev Bekmurat Khojamuratovich.22026

  1. 1Qaraqalpaqstan diyqanshılıq ilimiy-izertlew institutı tayanısh doktorant
  2. 2Qaraqalpaqstan diyqanshılıq ilimiy-izertlew institutı direktori q.x.f.n., k.i.x.

Konferensiyalar“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.Jild 1Son 1Sahifa 164–167

Annotatsiya

Moqalada Qoraqalpog‘iston agrobiotsenozi sharoitida ekilayodgan mosh o‘simligi navlarining ekish muddatlari, olinadigan hosil me‘yori buyicha egallagan joyini aniqlash va olib borilayotgan ilmiy tadqiqotlar natijalari keltirilgan.

Boshqa tillarda

ruschaВЫЯВЛЕНИЕ ПРОБЛЕМ И ВОЗМОЖНОСТЕЙ РАЗВИТИЯ ВЫРАЩИВАНИЯ МАША В АГРОБИОЦЕНОЗЕ КАРАКАЛПАКСТАНА

В статье представлены результаты научных исследований по определению сроков посадки и норм урожайности сортов маша, выращиваемых в агробиоценозе Каракалпакстана, а также результаты текущих исследований.

inglizchaIDENTIFYING PROBLEMS AND DEVELOPMENT OPPORTUNITIES FOR MUNG BEAN GROWN IN THE AGROBIOCENOSIS OF KARAKALPAKSTAN

The article presents the results of scientific research on the determination of planting dates and yield standards of mung bean varieties cultivated in the agrobiocenosis of Karakalpakstan, as well as the results of ongoing research.

Kalit so‘zlar

  • agrobiotsenoz
  • agroiqlim
  • tuproq
  • o‘simlik
  • mosh
  • navlari
  • ekish muddati
  • bioekologik xususiyatlar
  • hosil
  • sifat

To‘liq matn

Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni

Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.

Matndagi telefon raqamlari shaxsiy ma’lumot sifatida yashirilgan.

УДК: 633.347:631.95(575.172) ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АГРОБИОЦЕНОЗЫНДА ЕГИЛИП АТЫРҒАН МӘШ ӨСИМЛИГИ БОЙЫНША МАШҚАЛАЛАРДЫ АНЫҚЛАЎ, РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИМКАНИЯТЛАРЫ

Aleuova Aysuliu Tanatar Qızı Qaraqalpaqstan diyqanshılıq ilimiy-izertlew institutı tayanısh doktorant Тел. [telefon raqami yashirilgan] aysuliwaleuova@gmail.com Turdıshev Bekmurat Xojamuratovich. Qaraqalpaqstan diyqanshılıq ilimiy-izertlew institutı direktori q.x.f.n., k.i.x. https://doi.org/10.5281/zenodo.19240310 Аннотация: Моқалада Қорақалпоғистон агробиоценози шароитида экилаёдган мош ўсимлиги навларининг экиш муддатлари, олинадиган ҳосил меъёри буйича эгаллаган жойини аниқлаш ва олиб борилаётган илмий тадқиқотлар натижалари келтирилган. Колит сўзлар: Агробиоценоз, агроиқлим, тупроқ, ўсимлик, мош, навлари, экиш муддати, биоэкология хусусиятлари, ҳосил, сифати. Аннотация: В статье преведены результаты исследований по определению занимаемые место, различных сортов и сроков посева и получаемые урожай растений маш в условиях агробиоценозе Каракалпакстана. Ключевая слова: Агробиоценоз, агроклимат, почва, растений, маш, сорты, сроков посева, биоэкология, урожай, качество, Annotation: The article presents the results of research conducted in the field of agrobiocenoses, including the study of soil biodiversity, including soil biodiversity. Keywords: Agrobiocenosis, agroklimate, soil, plant, mosh, varieties, ecological period, bioecology characteristics, yield, quality

Кирисиў: Қарақалпақстан аймағы, ықлым, топырақ ҳәм абиотикалық, биотикалық тәсирлери бойынша басқа орынлардан белгили бир айырмашылықлары менен парық қылып, усындай шараятға бейимлескен аўыл хожалық егинлери түрлери егиледи. Усындай осимликлердиң бири мәш сортлары есапланып, аймагымыз дийханшылыгында көп жыллардан берли егилип киятырган түр есапланады. Соңғы жыллардағы суў тамтарыслығы, сондай-ақ абиотикалық тәсирлердиң өзгериске ушыраган жыллары, усы өсимликтиң биоэкологиясындағы өзине тән биолған айырмашылық таманлары, егислик майданларын көбейтиўге қолай имканиятлар жаратып берилип, егислик майданын кеңейтириў бойынша илажлар исленбекде [2,7]. Усындай талаплар тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер қабинетиниң 2021- жыл 4-мартдағы "Әмелдеги жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм 2021-жыл өними ушын аўыл хожалық егинлерин ақылға уғрас жайластырыў ушын ҳаққында"ғы 121- санлы Қарарының 7-қосымшасына тийкар Республикамызда мәш егини өнимине болған талап жоқары екенлигин есапқа алып, сортларын шығарыў, алынатуғын ҳасылды кескин асырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди. Сонлықданда бүгинги күндеги, аймағымыз агроықлым шараятына туўра келетуғын мәш сортларын жаратыў, агротехнологиялық жумысларды раўажландырыў, басқа егилип атырған егинлер арасындағы салмағын асырыў ушын, аймағымыздағы бар болған имканиятларды үйренип, өсимликтиң биоэкологиялық қәсийетлеринен келип шығып, егис мүддетлерин анықлаў, сортларды таңлаў бүгинги күндеги актуал мәселелерден екенлигин есапқа алып, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў керек екенлиги мәлим болды.

Материал ҳәм усыллар: Мәш өсимлиги сортларын таңлаў, өндиристеги егилип атырған орынлардағы машқалаларды анықлаў, келип шығатуғын ўазыйпаларды белгилеў, қолланылатуғын агротехникалық илажларды алып барыў [1,3,5], аймақдың өсимликлер түриниң өзгерисин анықлаў [2,3,4], жумысларының нәтийжелерин илимий жақдан тийкарлаў ушын тәжирийбелерди қойыў ҳәм алынған мағлыўматларды статистик анализлер қылыў [6,7], усы тараўда илимий-изертлеўлер алып барыў ушын ислеп шығылған методикалық қолланбалардан пайдаланылды.

Изертлеўлер нәтийжелери ҳәм талқылаў: Қарақалпақстан агробиоценозы аўыл хожалық егинлери егилип атырған атызлардағы белгили майданларда дән-собықлы егинлердиң тийкарғы түри есабында мәш (Phaseolus aureus Roxb.), лобия (Phaseolus vulgaris L.) түрлери егилип, тийкарынан халықтың қолында сақланып киятырған сортлары жайластырылғанлығы анықланды. Хожалықлардың егислик майданларындағы бул өсимлик түрлеринен көбирек мәштиң сортлары егилип, ҳалықтың тийкарғы азықлығы ретинде пайдаланылып келинбекде.

Солай болсада, егилип атырған орынларындағы алып барылып атырған бақлаў жумыслары, мәш сортларына қолланылатуғын агротехникалық илажлар көрсетилген тәртипде әмелге асырылыўына қарамасдан алынып атырған ҳасылдарлық бираз кем екенлиги анықланды. Тийкарғы себеби дийханлардың қоландағы мәш сортлары туқымгершилигиниң төмен екенлиги, түрли сортлардың туқымлары араласқан туқым материалларынан көбирек пайдаланылып атырғанлығы тийкарғы кемшиликлеримизден есапланатуғынлығы анықланды.

Буның үстине, мәшти егип өсириўдеги халқымыз ушын үрдис болып қалған ҳәм бүгинги күнде тийкарғы хожалықларда даўам етип киятырған, туқымды шашып егиў, қатар арасына ислеў бериўди ҳәм вегетация дәўиринде суўғарыў жумысларының әмелге асырылмаўы нәтийжесинде алынып атырған ҳасылдың бираз кем болыўына, сапа көрсеткишлериниң төмен болыўына алып келмекде. Ҳасыл толық писип жетилискенде, жыйнап-терип алыўды тиккелей қол күши менен әмелге асырылыўы, сарыпланатуғын қәрежетлер муғдарының артып кетиўине алып келмекде.

Көрсетип өтилген машқалалардың пайда болыў себеблерине илмий жақдан анықлықлар киритиў ушын хожалықлардағы бирдей сыпатлы туқымлар таярланып егилип киятырған, арнаўлы агрегатлар жәрдеминде, қатарлап егилген ҳәм вегетация дәўиринде керек болатуғын төгинлер түрлерин берип, суўғарыў жумыслары әмелге асырылып атырған атызлар менен, дийханлардың әпиўайы усылда егилип атырған атызларынан алынатуғын өним муғдары салыстырылып көрилди ҳәм илимий жақдан баҳа берип барылды.

Нәтийжеде, араласпаларға ийе болмаған, сыпат көрсеткишлери жоқары дәрежесинде таярланған ҳәм вегетация дәўиринде қатар арасына ислеў берилип, керекли төгинлери берилип, суўғарыў илажлары әмелге асырылған хожалықлардағы мәш атызларының гектарынан алынған ҳасылдарлығы 22,4-26,8 центнер дәрежесинде болып, сыпат көрсеткишлери жоқары есабынан базардағы баҳасы ең жоқары дәрежесинде сатылғанлығы есапқа алынды.

Жоқарыдағы көрсетилген дәрежеде ислениўи керек болған агротехникалық илажлар, төмен дәрежесинде өткерилген атызлардың ҳасылдарлығы 13,5-16,8 ц/га дәрежесинде болған болса, мәшти вегетация дәўиринде суўғарыў шәрт емес, нәл көгергенше жер канық болса болды, деген түсиникдеги дийханлар еккен атызлардағы мәштиң ҳасылдарлығы 6,9-8,5 ц/га дан аспағанлығы мәлим болды. Бундай өинмниң сыпат көрсеткиши, түрли сортлардың араласыўы есабынан базарда ең төмен баҳада сатылғанлығы менен, әҳмийетин төменлетип жиберди. Аймақ шараятындағы хожалықлар атызларына мәштиң бүгинги бар болған сортларын егиў ҳәм егислик майданын көбейтиў бойынша алып барылып атырған жумыслардағы, кетип атырған кемшиликлер түрлери илимий тийкарда анықланып, сапластырыў бойынша илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ушын, жумысымыздың бағдарлары анықланып, мақсет ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды. Жуўмақ ҳәм усыныслар: Аймақ шарятында егилип атырған мәш өсимлигинен күтилген өнимди алыўда жүзеге келип атырған машқалаларынан келип шығып, қойылған тапсырмалар тийкарында, бул өсимликтен алынатуғын ҳасылды көбейтиўдиң тийкарғы илажы, илимий тийкарланған жаңалықларды өндириске ендириў екенлиги мәлим болды. Биринши нәўбетте аймақ топырақ, агроықлымына туўра келетуғын мәш сортларын таңлаў, егис мүддетлерин ислеп шығыў, аймақдағы аўыл хожалық егинлери арасындағы тийкарғы түр есабында мәш сортларының ең жоқары пайда келтиретуғын түрлерин, алмаслап егиў схемасына киритиў талап етиледи. Атыздың топырақ қурамындағы азықлық элементлерин есапқа алған ҳалда берилетуғын төгинлер муғдары ҳәм суўғарыў усылларын ислеп шығыўдың илимий тийкарларын жаратыў керек болады. Бул тараўды раўажландырыўдағы бүгинги ең баслы машқала ретинде, аймақ агроықлымына туўра келетуғын мәш сортлары жоқ екенлигин есапқа алып, сыртдан алып келинип атырған, соңғы жыллары аймағымызда жоқары ҳасыл бериў имканияты болған, таза сортларды ҳәм олардың егис мүддетлерин туўры таңлаў арқалы, өндиристеги жүзеге келген машқалаларды илимий тийкарда шешип, дийханшылығымыз ушын жаңа тараў есабында өндириске тез ўақытта ислеп шығылган илимий усынысларды ен жайдырыўды усыныс етемиз.

Пайдаланылған әдебиятлар 1. Доспехов Б. А. Методика полевого опыта (с основами статистической обработки результатов исследований): учебник для высших сельскохозяйственных учебных заведений /Стереотипное издание. Перепечатка с 5-го изд., доп. и перераб. - М.: Альянс, 2014. - 351 с. 2. Исмайлов У.Е. Дийханшылық илим изертлеў тийкарлары менен.-Нөкис. «Билим»,2015. Б.-262. 3. Исмайлов У.Е., Исмайлов М.Е. Агрономиялық илим изертлеў тийкарлары.- Нөкис. 2018. Б. 125. 4. Қорақалпоғистон қишлоқ хўжалиги ва агротехнологиялар институти. Мош ва бошқа дуккакли экинларни Қорақалпоғистон шароитида етиштириш технологияси. – Нукус : Билим, 2021. – 84 б.

5. Ўзбекистон қишлоқ хўжалиги илмий-ишлаб чиқариш маркази. Дуккакли дон экинларини етиштириш технологияси бўйича услубий қўлланма. – Тошкент : Агроилм, 2020. – 96 б. 6. Нурматов Ш., Мирзажонов Қ., Авлиёқулов А. ва б. Дала тажрибаларини ўтказиш услублари. –Тошкент: ЎзПИТИ, 2007. –Б. 26-134. 7. Шамшетов С.Н. Қарақалпақстан Республикасында дийханшылықды раўажландырыўдың илимий тийкарланган системасы /Нөкис «Билими» -2003.- 228 б.

Iqtiboslar dinamikasi

Bu ilmiy ishga ReLibrary’da chop etilgan ilmiy ishlarda hali iqtibos topilmadi.

ReLibraryTekshirilgan Metodologiya

Adabiyotlar7 ta adabiyot

  1. Доспехов Б. А. Методика полевого опыта (с основами статистической обработки результатов исследований): учебник для высших сельскохозяйственных учебных заведений /Стереотипное издание. Перепечатка с 5-го изд., доп. и перераб. - М.: Альянс, 2014. - 351 с.
  2. Исмайлов У.Е. Дийханшылық илим изертлеў тийкарлары менен.-Нөкис. «Билим»,2015. Б.-262.
  3. Исмайлов У.Е., Исмайлов М.Е. Агрономиялық илим изертлеў тийкарлары.-Нөкис. 2018. Б. 125.
  4. Қорақалпоғистон қишлоқ хўжалиги ва агротехнологиялар институти. Мош ва бошқа дуккакли экинларни Қорақалпоғистон шароитида етиштириш технологияси. – Нукус : Билим, 2021. – 84 б.
  5. Ўзбекистон қишлоқ хўжалиги илмий-ишлаб чиқариш маркази. Дуккакли дон экинларини етиштириш технологияси бўйича услубий қўлланма. – Тошкент : Агроилм, 2020. – 96 б.
  6. Нурматов Ш., Мирзажонов Қ., Авлиёқулов А. ва б. Дала тажрибаларини ўтказиш услублари. –Тошкент: ЎзПИТИ, 2007. –Б. 26-134.
  7. Шамшетов С.Н. Қарақалпақстан Республикасында дийханшылықды раўажландырыўдың илимий тийкарланган системасы /Нөкис «Билими» -2003.- 228 б.

Metama’lumot

Identifikator
REL-C-011932
Nashr sanasi
2026-04-07
Til
o‘zbek
Konferensiyalar
“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.
Jild
1
Son
1
DOI
10.66073/refocus-conf/1051
Nashriyot
LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
Sahifa
164–167
Litsenziya
Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
Ko‘rishlar
12026-10-16 dan beri o‘lchanmoqda
Metadata manbasi
Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
Oxirgi yangilanish
2026-08-25