QORAQALPOG‘ISTON SHAROITIDA AFRIKA TARIQINI YETISHTIRISH AGROTEXNOLOGIYASI
Berdikeev B.B.1, Khaliqbaev A.M.22026
- 1Ot-jem eginleri seleksiyası hám tuxımgershiligi laboratoriyası baslıǵı.
- 2kishi ilimiy xızmetker. Qaraqalpaqstan diyxanshılıq ilim izertlew institutı (QQDIII)
Konferensiyalar“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.Jild 1Son 1Sahifa 150–153
Annotatsiya
Qoraqalpog‘iston sharoitida afrika tarig‘i ekish muddati aprel oyi 2 chi un kunligi va iyun oyining 1 chi un kunligi, qator orasiga 2 marta, o‘simlikda 4-5 barg paydo bo‘lganda va poshalash davrida kultivatsiya qilinadi, oziqlantirishning yillik me‘yori N-200-250, P-120-150, K-50-70 kg/ga, sug‘orish sxemasi 1-2-1, me‘yori harbir sug‘orishda 700-800 m3, hosilni yig‘ish muddati sentyabr oyi 1-2 un kunligida o‘tkaziladi.
Boshqa tillarda
ruschaАГРОТЕХНОЛОГИЯ ВЫРАЩИВАНИЯ АФРИКАНСКОГО ПРОСА В УСЛОВИЯХ КАРАКАЛПАКСТАНА
В условиях Каракалпакстана период посадки африканского проса приходится на вторую половину апреля и первую половину июня, с двукратной междурядной обработкой, когда на растении появляется 4-5 листьев и в период бутонизации, годовая норма подкормки составляет N-200-250, P-120-150, K-50-70 кг/га, схема орошения 1-2-1, норма 700-800 м3 на орошение, а период уборки урожая – первая-вторая половина сентября.
inglizchaAGROTECHNOLOGY OF GROWING AFRICAN MILLET IN THE CONDITIONS OF KARAKALPAKSTAN
In the conditions of Karakalpakstan, the planting period for African millet is the 2nd half of April and the 1st half of June, cultivated twice between rows, when 4-5 leaves appear on the plant and during the budding period, the annual rate of feeding is N-200-250, P-120-150, K-50-70 kg/ha, the irrigation scheme is 1-2-1, the rate is 700-800 m3 per irrigation, and the harvest period is 1-2 half of September.
Kalit so‘zlar
- Afrika tarig‘i
- yetishtirish texnologiyasi
- ekish muddati
- oziqlantirish davri va me‘yori
- sug‘orish sxemasi va me‘yori
- hosil yig‘ish
To‘liq matn
Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni
Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.
УДК:631., 633.257. ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАҒДАЙЫНДА АФРИКА ТАРЫСЫН ЖЕТИСТИРИЎ АГРОТЕХНОЛОГИЯСЫ Бердикеев Б.Б.- От-жем егинлери селекцияси хәм тухымгершилиги лабороторияси баслығы. Халиқбаев А.М. – киши илимий хызметкер. Қарақалпақстан дийханшылық илим изертлеу институты (ҚҚДИИИ) https://doi.org/10.5281/zenodo.19240247 Аннотация: Қорақалпоғистон шароитида африка тариғи экиш муддати апрел ойи 2 чи ун кунлиги ва июн ойининг 1 чи ун кунлиги, қатор орасига 2 марта, ўсимликда 4-5 барг пайдо бўлганда ва пошалаш даврида култивация қилинади, озиқлантиришнинг йиллик меъёри N-200-250, P-120-150, K-50-70 кг/га, суғориш схемаси 1-2-1, меъёри ҳарбир суғоришда 700-800 м3, ҳосилни йиғиш муддати сентябр ойи 1-2 ун кунлигида ўтказилади. Калит сўзлар: Африка тариғи, етиштириш технологияси, экиш муддати, озиқлантириш даври ва меъёри, суғориш схемеси ва меъёри, ҳосил йиғиш. Аннотация: В условиях Каракалпакстана срок посева африканского проса 2-ое декада апреля и 1-ое декада июня, обработка междурядья растений 2 раза, в период появления 4-5 листочков и в период кущения, годовая норма подкормки составляет N-200- 250, Р-120-150, К-50-70 кг/га, схема орошения 1-2-1, норма каждого орошений составляет 700-800 м3, сбор урожая 1-2 декада сентября. Ключевые слова: Африканское просо, технология выращивание, срок посева, фаза и норма подкормки, схема и норма орошение, сбор урожая. Abstract: In the conditions of Karakalpakstan, the sowing time for African millet is the second decade of april and the first decade of June, and the plants are treated twice, during the appearance of 4-5 leaves and during the tillering period, the annual fertilizer rate is N-200-250, P- 120-150, and K-50-70 kg/ga, and the irrigation scheme is 1-2-1, with each irrigation amounting to 700-800 m3, the harvest is collected in the first or second decade of september. Key words: African millet, cultivation technology, sowing time, fertilization phase and rate, irrigation scheme and rate, and harvest Ҳалық хожалығындағы əҳмийети. Африка тарысы от-жемлик егинлерге киреди. Оннан кɵк от-жем, пишен ҳәм силос алыў ушын пайдаланыў мүмкин. Жуғымлылығы бойынша жүўериге жақын келип, баслаў дәўиринде оның 100 кг массасы 16,1 азық бирлигине, ал 100 кг пишени 55,1 азық бирлигине тең, бул кɵрсеткишлер судан шɵбине сәйкес рәўиште 17,0 ҳәм 52,0 азық бирлигин қурайды. Қарақалпақстан шәраятында оннан үш орымда 800-1000 ц/га кɵк масса, 60-70 ц/га сапалы дән алыў имкәнияты бар. Дәни ири шақлы қарамаллар (әсиресе, майда шақлы) ҳәм қуслар ушын баҳалы жем есапланады. Қусшылықта (биринши гезекте таўықлар) олардың жем рационына африка тарысын комбикорма есабында киргизиў, оның сапасын арттырыўда ҳәм ɵнимниң ɵзине түсер баҳасын жетерлише кемейтип алынатуғын ɵнимге унамлы тәсир етеди. Африка тарысы дәниниң қурамында 3,0% май бар. Пишенинде белок муғдары 6,93%, ал клетчаткасы 25,2% ке тең бул жағынан судан шɵбине жақын келеди. Африка
тарысының баслаў дәўириндеги химиялық қурамы тɵмендегише: суў-84,3%, протеин-2,9%, май-1,4%, клетчатка 3,5%, экстрактивсиз затлар-6,5%, күл-1,4%, каротин-34,8 мг/кг. Африка тарысының ең жақсы сортлары азық-аўқатлық әҳмийетине ийе. Дәни санаатта пиво, спирт жетистириўде керекли шийки затлардан есапланады. [1;2]. Биологиясы. Африка тарысы (Pearl millet) – жақтылық, ыссылық сүйиўши, қысқа күнлик ɵсимлик. Оның дәнлери топырақ температурасы 100 -120С қа жеткенде ɵне баслайды. 14-150С та толық ɵнип шығыўы ушын қолай шәраят жаратылады. Егис тереңлиги 2-4 см. Қыраўға (00С) дерлик шыдамайды. Қарақалпақстан Республикасының арқа аймақларында дән ушын егис мүддети апрель айының 2 ши он күнлигинен июнь айының 1 ши он күнлиги аралығы туўры келеди. Туқым егилгеннен соң 9-11 күнде толық ɵнип шығады. Орташа 21-25 күнде түплей (пашалаў) баслайды ҳәм усы фазада биринши суўды бериў шәрт. Буннан кешиктирилгенде жедел түплеп, кɵк массасы кɵбейеди, вегетациясы созылып хожалық қымбатлы, белгилери тɵменлеп кетеди. Африка тарысы баслаў дәўири 60-65 күнлерде бақланады. Буннан 15-16 күн ɵтип сүт писиў фазасы, буннан соң 12-13 күн ɵтип мум писиў фазасы ҳәм 7-10 күн аралығында толық писиўи бақланады. Қурғақшылыққа оғада шыдамлы болғаны менен суўғарыўға (ығаллыққа) бейим. Африка тарысы аз, орташа шорланған, жеңил ҳәм орташа аўырлықтағы топырақларда егиў күтилген нәтийжени береди. Түплеў дәрежеси судан шɵби ҳәм жүўериге салыстырғанда жүдә жоқары, бир ɵсимликте орташа 6-10 пақалдан туўра келеди, ал жүдә қолайлы жағдайларда оның саны 12-20 данадан да асып кетеди. Қарақалпақстан шәраятында африка тарысының ɵнип-ɵсиўи туқым толық ɵнип шығыўдан писип жетилисиўге шекем сортларына байланыслы 100-150 күнди қурайды. Сортлары. Қарақалпақстан шәраятында районластырылған сорты «Ҳашаки-1» сорты (авторы Нурғалиев, Қазақстан, 2013-ж) есапланады. Қарақалпақстан дийқаншылық илим изертлеў институтында оның (Кубань қылшықсызы) «М-220» сорты ɵткен әсирдиң 90-жыллары сынап кɵрилди, вегетация дәўири 117-130 күн. Кейинги 20-25 жылда оның қатар сортлары (İKARDA) сынап кɵрилип, оннан жеке таңлаў усылында вегетациялық дәўири 110-115 күнлик «G-6» сорты жаратылды. Ол Ɵзбекстан Республикасы Мәмлекетлик сорт сынаў комиссиясына усынылды ҳәм 2024- жылдан баслап Мамлекетлик сорт сынау участкаларында сыналмақда. «G-6» сортынан кɵк масса алыў ушын егилгенде гектарына 600-800 центнер, ал туқым алыу ушын егилгенде гектарына 30-35 центнерге шекем дән жетистириу мүмкиншилиги бар. Агротехникасы. Африка тарысы аз ҳәм орташа шорланған, жеңил ҳәм орташа аўырлықтағы топырақларда егиў күтилген нәтийже береди. Механикалық қурамы аўыр, кушли дәрежеде шорланған жерлер африка тарысы ушын жарамсыз есапланады. Қарақалпақстан шәраятында африка тарысын егиў ушын жетерли дәрежеде шайып суўғарылған, отақ-шɵби кем атызларды ажыратыў мақсетке муўапық болады. Бәҳәрги сүримнен алдын жергиликли тɵгинлердиң 100% ти (кеминде 20-30 т/га), минерал төгинлерден фосфор хәм калий төгинлерининг жыллық нормасының 50% муғдары берилип, 20-25 см тереңликте сүриледи. Минерал төгинлер менен азықландырыудың жыллық нормасының (N200-250P120-150K50-70) азот 100% и, фосфор хәм калий төгинлерининг қалған 50% и егинлердиң вегетация дәуиринде бериледи. Кɵк масса ушын егилгенде
минерал тɵгинлердин қалған бɵлими дәслеп өсимликте 4-5 жапырақ пайда болғанда хәм соңынан ҳәр орымнан соң өсимлик қайта өсип бойы 20-30 см ге жеткенде бɵлип бериледи. Егис. Африка тарысын егиўде дән сеялкалары қолланылады. Дән ушын ең қолайлы егиў мүддетлери апрель айы екинши он күнлиги, июнь айы биринши он күнликлери аралығы. Егис тереңлиги 2-4 см. Дән ушын егилгенде гектарына 5-8 кг сарыпланады. Ал кɵк масса ушын оның нормасын 2-3 есеге арттырыў лазым. Қатар аралығы 60 см болғанда 60х20х1, 70 см болғанда 70х15х1 схемада нәл қалдырылып, бирленеди. Бунда гектарына 80-90 мың нәл алынып, зүрәәтлилиги (дәни) 30-35 ц/га алыныў имкәнияты жаратылады. Культивация. Биринши вегетациялық суўғарыўға шекем кеминде 2 мәрте ɵткерилиўи лазым. Биринши культивация 4-5 жапырақ пайда болғанда ɵткериледи, жаўыншашын кɵбирек болған жыллары биринши культивация ертерек басланады. Екинши ҳәм кейинги культивацияларда минерал тɵгинлердин қалған бɵлеги (50% муғдары) бериледи. Атыз жабайы отақ шɵплерден 2-3 мәрте тазаланады. Суўғарыў. Африка тарысы қурғақшылыққа оғада шыдамлы болғаны менен де суўғарыўға (топырақ ығаллығына) бейим. Биринши вегетациялық суўғарыў пашалаў (түплеў) дәўирине туўры келеди. Бул дәўирден кешиктириў – пашалаў дәўирин узайттырып дән зүрәәтиниң кемейиўине ҳәм вегетациялық дәўириниң узайыўына алып келеди. Суўғарыў 1-2-1 схемада, яғный пашалаў, гүллеў ҳәм мийўелеў фазаларында ɵткериледи. Суўғарыўлар нормасы гектарына 700-800 м3 дан аспаўы тийис. Кеселлик ҳəм зыянкеслери. Африка тарысы күйик бас кеселлиги менен жүдә аз зыянланады. Гузлик совка менен зыянланыў дәрежеси кем. Қарақалпақстан шәраятында африка тарысы мәкке ҳәм жүўериде кɵбирек ушырасатуғын гүзлик совка менен зыянланыўының алдын алыў ушын кɵрсетилген суўғарыў нормасын асырып жибермеў ҳәм нәллер қалыңлығы жүдә жоқары болмаўы шәрт. Зүрəəтти жыйнаў. Туқымлар толық писип жетилискенде пақал буўынлары сарғайып, қурғап, масақ дәнлери сурғыт реңге ийе болады, бул усы дәўирдеги ҳаўа ығаллығы дәрежесине қарай қысқарыўы ямаса узайыўы мүмкин. Гуз курғақ келген жылларда оның писиў дәўири әдеўир қысқарады. Ɵнимди жыйнаў дән комбайнлары менен әмелге асырылады. Оның мүддетине сентябрь айының 1-2- он күнлиги сәйкес келеди. Кɵк масса ҳәм пишен ушын баслаў дәўиринде орылады. Себеби, бунда жүдә жуғымлы, белокқа бай, кɵк масса алынады, кейинги орымда тез ɵсип жетилиседи. Силос ушын сүт-мум писиу дәуиринде орылады. Зүрəəтти сақлаў. Туқым түйекленип болғаннан кейин жақсылап кептириледи, ығаллығы 8-10% ке келтириледи. Африка тарысы дәни жүдә катты болғанлығы ушын әсте ақырынлық пенен кебеди. Арнаўлы сақлаўханаларда дәнниң қызып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде 15-16 см қалыңлықта жайып қойылады, ямаса қалталарға салынып бир қатарға жыйналады, зыянкеслерге қарсы арнаўлы химиялық ��репаратлар менен дәрилениўи тийис.
Адебиятлар 1. Тодерич К., Массино И., Попова В. и др. Перспективность внедрения африканского проса на маргинальных землях Центральной Азии. //Практические рекомендации по возделыванию африканского проса на маргинальных землях Центральной Азии. Ташкент:
ИКБА-ЦАЗ, 2016. - 11 с. 2. Гуринович С.О., Зотиков В.И., Сидоренко В.С. Просо африканское (Pennisetum glaucum L.) - новая культура в земледелии центральной России. Науно-производственый журнал «Зернобобовые и крупяное культуры» №2 (34) 2020 г. -С. 64-69.
Iqtiboslar dinamikasi
ReLibraryTekshirilgan Metodologiya
Adabiyotlar2 ta adabiyot
- Тодерич К., Массино И., Попова В. и др. Перспективность внедрения африканского проса на маргинальных землях Центральной Азии. //Практические рекомендации по возделыванию африканского проса на маргинальных землях Центральной Азии. Ташкент: ИКБА-ЦАЗ, 2016. - 11 с.
- Гуринович С.О., Зотиков В.И., Сидоренко В.С. Просо африканское (Pennisetum glaucum L.) - новая культура в земледелии центральной России. Науно-производственый журнал «Зернобобовые и крупяное культуры» №2 (34) 2020 г. -С. 64-69.
Metama’lumot
- Identifikator
- REL-C-011928
- Nashr sanasi
- 2026-04-07
- Til
- o‘zbek
- Konferensiyalar
- “SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.
- Jild
- 1
- Son
- 1
- DOI
- 10.66073/refocus-conf/1045
- Nashriyot
- LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
- Sahifa
- 150–153
- Litsenziya
- Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
- Ko‘rishlar
- 12026-10-28 dan beri o‘lchanmoqda
- Metadata manbasi
- Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
- Oxirgi yangilanish
- 2026-08-25