KUZGI BUG‘DOYNING YANGI YARATILGAN «AQMANG‘IT» NAVI HOSILDORLIGIGA EKISH MUDDATLARINING TA‘SIRI
Abyllaev Urazbai1, Abdullaev Bahadir Urazbaevich2, Mambetnazarov Tilepbay Orynbay uly3, Abyllaeva Umida Urazbaevna42026
- 1Don va sholi ilmiy ishlab chiqarish birlashmasi. Ǵálle eginleri seleksiyası hám tuqımgershiligi laboratoriyası baslıǵı. a.x.i.k.
- 2Dán hám salı ilimiy óndirislik birlespesi direktorınıń óndiris boyınsha orınbasarı
- 3Qaraqalpaqstan awıl xojalıǵı agrotexnologiyaları institutı 1-kurs magistrantı.
- 4Don va sholi ilmiy ishlab chiqarish birlashmasi. Salı seleksiyası hám tuqımgershiligi laboratoriyası
Konferensiyalar“SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.Jild 1Son 1Sahifa 55–61
Annotatsiya
Ushbu maqolada kuzgi yumshoq bug‘doyning yangi yaratilgan mahalliy «Aqmang‘it» navini turli ekish muddatlarida azot elementi bilan ta‘minlanish darajasining hosildorlik va don sifati ko‘rsatkichlariga ta‘siri tahlil qilinadi va baholanadi. Olingan natijalarga ko‘ra eng yuqori hosildorlik 93,4 s/ga bo‘lib, 20-sentabr ekish muddatida va 200 kg/ga azot me‘yoridagi variantda olindi. Ekish muddati 10-oktabrgacha kechiktirilganda hosildorlik 73,1–83,3 s/ga oralig‘ida bo‘lib, optimal muddatga nisbatan 10,1–19,3 s/ga kamayishi aniqlandi. Yangi yaratilgan mahalliy «Aqmang‘it» navining yuqori biologik potensialidan to‘liq foydalanish uchun optimal ekish muddati va azot elementi me‘yori ilmiy asosda dalillangan.
Boshqa tillarda
ruschaВЛИЯНИЕ СРОКОВ ПОСЕВА НА УРОЖАЙНОСТЬ НОВОГО СОРТА ОЗИМОЙ ПШЕНИЦЫ «АКМАНГИТ»
В статье анализируется и оценивается влияние уровня азотного питания при разных сроках сева на урожайность и показатели качества зерна нового местного сорта озимой мягкой пшеницы «Акмангит». По полученным результатам наибольшая урожайность составила 93,4 ц/га — при сроке сева 20 сентября и норме азота 200 кг/га. При задержке сева до 10 октября урожайность находилась в пределах 73,1–83,3 ц/га, что на 10,1–19,3 ц/га ниже, чем при оптимальном сроке. Для полного использования высокого биологического потенциала нового местного сорта «Акмангит» научно обоснованы оптимальный срок сева и норма азотного удобрения.
inglizchaTHE EFFECT OF SOWING PERIODS ON THE YIELD OF THE NEWLY CREATED “AQMANGIT” WINTER WHEAT VARIETY
This article analyses and evaluates the effect of the level of nitrogen supply at different sowing dates on the yield and grain quality indicators of the newly developed local winter soft wheat variety “Aqmang‘it”. According to the results obtained, the highest yield was 93.4 c/ha, achieved at the sowing date of 20 September with a nitrogen rate of 200 kg/ha. When sowing was delayed until 10 October, the yield ranged from 73.1 to 83.3 c/ha, that is 10.1–19.3 c/ha lower than at the optimal date. The optimal sowing date and nitrogen rate for making full use of the high biological potential of the newly developed local “Aqmang‘it” variety have been scientifically substantiated.
Kalit so‘zlar
- kuzgi bug‘doy
- “Aqmang‘it” navi
- variantlar
- ekish muddatlari
- azot me‘yori
- o‘sishi va rivojlanishi
- tup soni
- hosildorlik
- mahsulot sifati
- optimal muddat
To‘liq matn
Litsenziya: CC BY 4.0litsenziya matni
Matn PDF’dan ajratilgan va qayta formatlangan; asl nusxadan farq qilishi mumkin.
ЎУК. 633.11:631.52(575.1) ГҮЗЛИК БИЙДАЙДЫҢ ЖАҢАДАН ЖАРАТЫЛҒАН «АҚМАНҒИТ» СОРТЫНЫҢ ЗҮРӘӘТЛИГИНЕ ЕГИС МҮДДЕТИНИҢ ТӘСИРИ.
Абыллаев Уразбай. Дон ва шоли илмий ишлаб чиқариш бирлашмаси. Ғәлле егинлери селекциясы ҳәм туқымгершилиги лабораториясы баслығы. а.х.и.к. urazbayabyllaev@gmail.com. https://orcid/org/0009-0005-4466-7266
Абдуллаев Баҳадир Уразбаевич. Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспеси директорының өндирис бойынша орынбасары. abdullayev.bakhadir@mail.ru https://orcid/org/0009-0009-9400-7556
Мамбетназаров Тилепбай Орынбай улы. Қарақалпақстан аўыл хожалығы агротехнологиялары институты 1-курс магистранты. mambetnazarovtilepbay@gmail.com Абыллаева Умида Уразбаевна. Дон ва шоли илмий ишлаб чиқариш бирлашмаси. Салы селекцияси ҳәм туқымгершилиги лабораториясы лаборанты. abillayevaumida@gmail.com https://doi.org/10.5281/zenodo.19239168 Аннотация. Бул илимий маҳалада гүзлик жумсақ бийдайдың жаңадан жаратылған жергиликли «Ақманғит» сортының ҳәр қыйлы мүддетлеринде азот элементи менен тәминлениў дәрежесиниң зүрәәтлиликке ҳәм дән сапасы кѳрсеткишлерине тәсири анализленип баҳаланады. Алынған нәтийжелер бойынша ең жоқары зүрәәтлилик 93,4 ц/га болып, 20. 09. егиў мүддетинде ҳәм 200 кг/га азот нормасындағы вариантта алынды. Егиў мүддети 10 – октябрге шекем кешиктирилгенде зүрәәтлилик 73,1 – 83,3 ц/га аралығында болып оптималь мүддетке салыстырғанда 10,1 – 19,3 ц/га ға кемейетуғынлығы анықланды. Жаңадан жаратылған жергиликли «Ақманғит» сортынан жоқары биологик потенциалынан толық пайдаланыў ушын оптимал егиў мүддети, азот элементи нормасы илмий тийкарда дәлилленген.
Гилт сѳзлер: Гүзлик бийдай, «Ақманғит» сорты, вариантлар, егиў мүддетлери, азот нормасы, ѳсип раўажланыўы, туп санын, зүрәәтлилиги, ѳним сапасы, оптималь мүддет.
Аннотация.Ушбу илмий маҳаллада кузги юмшоқ буғдойнинг янги яратилган маҳаллий "Ақманғит" навининг ҳар хил муддатларида азот элементи билан таъминланиш даражасининг ҳосилдорлик ва дон сифати кўрсаткичларига таъсири таҳлил қилиниб баҳоланади. Олинган натижаларга кўра энг юқори ҳосилдорлик 93,4 ц/га бўлиб, 20.09. экиш муддатида ва 200 кг/га азот меъёридаги вариантда ҳосил олинди. Экиш муддати 10 октябргача кечиктирилганда ҳосилдорлик 73,1 - 83,3 с/га оралиғида бўлиб оптимал муддатга нисбатан 10,1 - 19,3 с/га га камайиши аниқланди. Янги яратилган маҳаллий "Ақманғит" навидан юқори биологик салоҳиятидан тўлиқ фойдаланиш учун мақбул экиш муддати, азот элементи меъёри илмий асосда исботланган.
Калит сўзлар: Кузги буғдой, "Ақманғит" нави, вариантлар, экиш муддатлари, азот меъёри, ўсиб ривожланиши, туп сони, ҳосилдорлиги, ҳосил сифати, оптимал муддат.
Abstract.In this scientific study, the effect of the level of nitrogen supply of the newly developed local variety "Akmangit" on the yield and grain quality indicators of winter soft wheat at different times is analyzed and evaluated. According to the results obtained, the highest yield was 93.4 c/ha, obtained at the sowing date of 20.09. and the variant with a nitrogen rate of 200 kg/ha. When the sowing date was delayed until October 10, the yield was found to be in the range of 73.1 - 83.3 c/ha, which is a decrease of 10.1 - 19.3 c/ha compared to the optimal date. The optimal sowing date and nitrogen rate for the newly developed local variety "Akmangit" to fully utilize its high biological potential have been scientifically proven.
Key words: Winter wheat, "Akmangit" variety, options, planting dates, nitrogen rate, growth, number of stems, productivity, crop quality, optimal period.
Кирисиў. Мәмлекетимизде бийдай дәнин жетистириў аўыл хожалығының ең үлкен стратегик тармақларынан бири есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы селекционерлери кѳп жыллардан берли нәтийжели илмий жумысларды әмелге асырып жоқары зүрәәтли гүзлик бийдайдың «Ақманғит» сорты жаратылып аўыл –хожалығы егинлерининг сортларын Мәмлекетлик сынаў орайына сынаў ушын тапсырылған.
«Ақманғит» сорттың биологик потенциал зүрәәтлилиги 101 ц/га, қурап стандарт сортқа салыстырғанда ун шығымы 3% жоқары. Усы жетискенликлерди есапқа алып «Ақманғит» сортының биологик потенциалынан толық пайдаланыў ҳазирги күнниң ең актуал ўазыйпасы есапланады.
Президентимиз тәрепинен “Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ис-илажлары ҳаққында” ғы 2019-жыл 17-июңдағы ПП-5742 санлы Фәрманына тийкарланып аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў концепциясы жаратылды.
Зүрәәтлилик бир қатар факторларға байланыслы болып, олар арасында сортты егиў мүддети ҳәм тѳгинлер менен тәмийнлениў дәрежеси соның ишинде айырықша азот элементи менен тәминлениўи тийкарғыларынан саналады.
Бунда егилген ўақыт сорт ѳсимликлериниң туқымларының раўажланып зүрәәт топлаў қәсийетине ѳз тәсирин кѳрсетсе, азотлы тѳгинлер муғдары болса сорт ѳсимликлериниң ѳсип раўажланып жоқары зүрәәт топлаўында әҳмийетли орынды йиелейди. Бундай еки факторлы тәжрийбелер ѳткериў арқалы ең нәтийжели вариантлар комбинациясын дурыс таңлап ѳндириске «Ақманғит» сортының оптималь вариантын илмий тийкарлап усыныўға жәрдем береди.
Қарақалпақстан республикаси аймағи басқа бийдай жетистириўши зоналардан кескин парқ қилади. Бизиң жағдайимизда тек тез писер ҳәм орта писер сортларди егип тәрбиялап жоқарыи өним алиўға болатуғинлиғи дәлилленген.
Бийдайдың баслап туқымланыў ҳәм дән толысыў дәўиринде кунлер ысып қурғақшылық ҳәм самал көп болатуғын ўақытқа туўра келип дәнлер киширейип, пуш дәнлердың муғдары көбейип кетип, сортлардың потенциал зүрәәт топлаў қәсийети азайып өнимниң сапасы төменлеп кетеди.
Аймағымызда жаңадан жаратылған «Ақманғит» сортынан жоқары потенциалға йие турақлы зүрәәт жетистириўди әмелге асырыў ушын сортты илимий тийкарда биологиялық өзгешеликлерин есапқа алып егис мүддетине, азықлық елементлери әсиресе азот элементи менен тәмийнлениў мүмкиншилигине ҳәмде суўғарыўдың инновациалық мүмкиншилигин есапқа алып жайластырыў зәрүряты туўылады.
Әдебиятлардан шолыў. Бийдай егиниң зүрәәтлилиги егиў мүддети ҳәм тѳгин бериў нормасына байланыслығы кѳп санлы илим – изертлеў жумыслары мәмлекетимизде ҳәм шет еллерде ѳткизилген. Бийдай ѳсимликлериниң зүрәәтлилиги тийкарында сорт ѳзгешелигине ҳәм қолланылған агротехник илажларға байланыслы болып егиў мүддети ҳәм азотлы тѳгинлердиң муғдары ең әҳмийетли факторлары есапланады [Сайдов Ш. 2018; Каримов Ж ҳ.б. 2020].
Бийдай туқымларының егилген ўақты, ѳсиў дәўири ҳәм дәниниң писиб жетилисиў жағдайына ѳз тәсирин кѳрсетип топырақ – ықлым жағдайыда оптимальегилген муддетиниң тәсирин күшейтиреди [Тураев А. ҳ.б. 2019].
Азот тѳгининиң бийдай зүрәәтлилигине тәсири түрли ықлым жағдайында изертленип үйренилип нәтийжелери терең анализленген [Жуманов Б. 2017; Мирзаев С ҳ. Б. 2021].
Тәжрийбеның мақсети ҳәм ўазийпалары. Аўыл хожалығы егинлериниң сортларын сынаў орайына тапсырылған гүзлик жумсақ бийдайдың шорға шыдамлы «Ақманғит» сортының биологик зүрәәт топлаў мүмкиншилигин ҳәр қыйлы егиў мүддетинде ҳәм азот тѳгининиң нормасында үйренип оның биологиялық өзгешелигине сәйкес сортлық агротехникасын ислеб шығыўдан ибарат. Алдымызға қойылған мақсеттен келип шығып тәжирийбениң ўазыйпасы төмендегилерден ибарат: - «Ақманғит» сортының аймағымыз жағдайында егиў мүддетин ҳәм азотлы төгинге талапшаңлығын үйрениў. - Ҳәр қыйлы агротехникалық илажлар тәсиринде «Ақманғит» сортының зүрәәт топлаў қәсийетин анализлеў.
Тәжрибе материаллари ҳәм методикаси. Тәжрибе материали ушын гузлик бийдайдың шорға шыдамлы «Ақманғит» сортының туқымларын ҳәр түрли мүддетлерде ҳәм азотлы тѳгинлердиң ҳәр қыйлы нормасы фонында егип уйренилди. Тәжрийбе схемасы Егиў мүддети Азот тѳгини мүғдары тәсир етиўши зат бойынша кг/га 20.09.2024 жыл 200 20.09.2024 жыл 200 20.09.2024 жыл 150
Фосфор ҳәм калийли тѳгинлердиң жыллық нормасы P2O5 – 120 кг/га, K2O-90 кг/га сүримге бериледи. Азотлы тѳгинлердиң белгиленген нормасы 3 рет бѳлип (тийкарғы ҳәм азықландырыў) берилди. Ҳәр бир делянкадан вариантлар бойынша 3 жерден 0,25 м2 майданда бақлаў ҳәм түп санын санаў ҳәмде басқа есап санақ жумыслары алып барылды. Тәжрийбе тосаттан блоклар усылында 3 қайтарықда жайластырылды. Ҳәр бир делянканың майданы 10 м2, ѳткерилген барлық агротехник илажлар үйренилген вариантлардан тысқары (егиў мүддети, азотлы тѳгинлер муғдары) бир қыйлы тәртипте алып барылды. Егиў нормасы 6 млн дана кѳгериўшең туқым, суўғарыў, жабайы шѳплерге кеселликлерге ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў зүрәәтти орып жыйнаў жумыслары аймақта ислеп шығылған агротехникалық усыныслар тийкарында әмелге асырылады [2020].
Жетистирилген зүрәәт миний комбайын жәрдеминде орып жыйнап алынды дән аўырлығы ѳлшенип анықланып гектарға шығарылып есапланды. Дән қурамындағы белок ҳәм клейковина "Глутаматик" ҳәм "Спектра Ализер" әсбаплары усылы жәрдеминде анықланды.
Алынған тәжрийбе нәтийжелери дисперсион анализ жәрдеминде Б.А. Доспехов [1985] бойынша анықланды.
Тәжирибе даўамында фенологиялиқ бақлаўлар аўыл хожалығы егинлери сортларын сынаў орайы методикасы тийкарында [1987] ҳәм Дала тажирибаларини өткериў методикасына сәйкес өткериледи [2007].
Изертлеў нәтийжелери: Гүзлик бийдайдың шорға шыдамлы ‟Ақманғит‟ сорты 2024 жылы Дән ҳәм салы илимий ислеп шығарыў бирлеспеси селекционерлери тәрепинен жаратылып аўыл хожалығы егинлери сортларын сынаў орайына ҳәм Әдилия ўазирлиги қасындағы патент мекемесине тапсырылған.
Дәни қизил реңли, ортасындағы сызықша терең емес. 1000 дана дәниниң массасы 40- 44 г. Өсимлик тик өседи, жоқары дәрежеде түплейди, жапырақлары пақалға вердикал тәризде жайласқан жығылып қалыўға шыдамлы.
Сорт салыстырмалы топырақтың шорланыўына, қысқы қарсыз суўыққа шыдамлы, қурғақшылыққа, ыссыға орташа шыдамлы. ”Ақманғит” сорты селекция працессинде сынап баҳалап барған жыллары, қоңыр, сары зең ҳәм септориоз кеселлиги менен зыянланбады.
«Ақманғит» сортын егип тәрбиялап жоқары сападағы өним жетистириў технологияси усы күнге шекем уйренилмеген.
Гүзлик бийдай өсимлиги бизиң аймағимизда көпшилик ўақытлары ҳаўа қурғақшылығы ҳәм шорланған топырақлардың унамсыз тәсиринде пайда болатуғын қурамалы шараятда өнип шығады ҳәм раўажланады.
Ѳсимликлердиң қыслап шығып орым-жыйынға шекем сақланып қалыўы көгерип шыққан туқымлардың нәллериның сыртқы орталық факторларына әсиресе суўыққа, топырақтың шорланыў дәрежесине шыдамлылығын көрсетеди. Қарақалпақстан аймағы жағдайында гүзги бийдай егилгеннен соң ҳаўаның температурасы кем – кем суўып алынған нәллер тыным дәўирине ѳтеди. Бунда топырақ музлай баслайды ҳәм қаҳратан қыс түседи. Қысқы суўықтан, топырақтың шорланыўынан ығаллықтың азлығынан қыслап атырған өсимликлердиң үстинги бөлегин суўық урып тек тамыр түйини ғана аман қалады.
«Ақманғит» сорты өсимликлери егиў мүддетине байланыслы өзиниң өсип раўажланыўына тәсири үйренилгенде тәсир еттирилген факторларға реакциясының сезилерли дәрежеде өзгергенин көриўғе болады.
Сортты ҳәр қыйлы мүддетлерде еккен ўақтымызда олардың вегетация дәўири даўамыйлығы бир қанша мүддетке өзгергенлигин көремиз. Сорт туқымлары оптимал мүддетлерден кеш егилгенде гүзде жетерли дәрежеде өсип раўажлана алмағанлығынан қыслаўға пашаламастан кетиўге мәжбүр болып қысқы суўық тәсиринде набыт болыў муғдары көп болғанлығы анықланды.
Егис оптимал мүддетте 20 – сентябрь куни өткерилди. Егистен бес күн өткеннен кейин бийдайдың алди көгерип шыға баслади ҳәм 5 – 8 күнниң ишинде толық көгерип болды. Турақлы суўық түсемен дегенше аралық пашалаў дәўирин толық басып өтти. Кесте – 1 Жаңадан жаратылған бийдайдың «Ақманғит» сортының қыслап шығыў жағдайын өсимликлердиң туп санын пайда етиў қәсийети бойынша анализлеў. Егис мүддетлери, сәне Азот Түп саны, дана нормасы, Кѳгерип Қыслап Толық кг/га шығып шыққаннан пискеннен қыслаўға кетер соң соң алдынан 20.09.2024 150 320 296 282 200 325 305 295 250 305 289 278 150 305 280 271 01.10.2024 200 296 270 262 250 284 261 253 150 276 242 233 10.10.2024 200 281 238 232 250 279 240 231
«Ақманғит» сортын 20.09.2024 сәнесинде егилгенде, азот муғдарына ғәрезсиз ҳалда 305-326 ѳсимлик кѳгерип шықты, қыслап шыққаннан соң 92,5 – 94,7% ѳсимликлер сақланып қалды. Толық писиў фазасында болса бул кѳрсеткиш 2,1 – 3,9% қурады. Сортты 01-10 да егилгенде бул кѳрсеткишлер қыслап шыққаннан соң 8,2-8,8% пәсейип толық пискеннен соң 3,1-3,3% әтирапында болды. Егиў мүддети 10.10. куни ѳткерилгенде бул кѳрсеткишлер 12,3 – 15,4% аралығында пәсейип ѳсимликлер толық пискеннен соң 2,5 – 3,8% ке кемейетуғынлығы анықланды. Сортларының өсимликлериниң атыз жағдайында көп нәл пайда етип сақланып қалыў қәсийети, сорттиң өзиниң биологиялиқ жақтан сол аймаққа бийимлесип өсип раўажланип жоқари өним топлаў қәсийетин билдиреди. Үйренилген вариантларда гүзлик бийдайдың «Ақманғит» сортының зүрәәтлилик қәсийетин анализлеп көргенимизде олардың үйренилген вариантлар бойынша потенциал жоқары зүрәәтлиликке ийе екенлиги анықланды (кесте – 2). Кесте-2. Гүзлик бийдайдың «Ақманғит» сортының егис мүддети ҳәм азотлы төгинлер менен тәмийнлениў дәрежесиниң зүрәәтлиликке тәсири Егис Азот Қайтарықлар ц/га Орташа мүддетлери, нормасы, I II III зүрәәтлилик, сәне кг/га ц/га 150 77,4 81,5 83,0 80,6 20.09.2024 200 91,3 96,5 92,4 93,4
250 84,0 86,4 85,0 85,1 150 76,0 75,0 78,4 76,4 01.10.2024 200 85,5 90,0 90,4 88,6 250 80,0 82,0 79,6 80,5 150 76,4 70,6 72,5 73,1 10.10.2024 200 86,5 80,4 83,0 83,3 250 79,4 76,0 73,2 76,2 НСР05 4,2 «Ақманғит» сортының зүрәәтлилигиниң жоқары болыўында егиў мүддетлери ҳәм азотлы төгинлердиң муғдары сезилерли дәрежеде тәсир көрсетеди. Оптимал егиў мүддети ҳәм азотлы төгинлер муғдары сорттың өсип раўажланып дән зүрәәтлилигин пайда етиўде унамлы тәсирин көрсететуғынлығы байқалды. «Ақманғит» сортының зүрәәтлилик муғдары егиў мүддетине ҳәм азотлы төгинлердиң нормасына байланыслы рәўиште пайда болатуғынлығы анықланды. Жаңадан жаратылған «Ақманғит» сортынан ең жоқары зүрәәтти сентябрь айының 20 шы сәнесинде егилген, азотлы төгинның 200 кг/га муғдарында берген вариантта 93,4 ц/га ға жетти. Усы дәўирде 150 кг/га азотлы төгин менен 80,6 ц/га зүрәәт алынып, оптимал вариантқа салыстырғанда 12,8 ц/га кем өним алынды, 250 кг/га да болса 85,1 ц/га өним алынып, салыстырмалы 8,3 ц/га кем өним жетистирилген. 1-октябрьде егиў мүддетинде азотлы тѳгинниң вариантлары бойынша 8,1 - 12,2 ц/га ға сәйкес түрде кемейгенлиги анықланды. 10-октябрьде егиў мүддетинде ең төмен зүрәәт алынды 150 кг/га азот берилген вариантта 73,1 ц/га, 250 кг/га берилген болса 76,2 ц/га өним алынып, ең төмен көрсеткишти көрсетти. Жетистирилген бийдай дәниниң сапасын белгилейтуғын көрсеткиш бул оның қурамындағы белок ҳәм клейковинаның муғдары есапланады. «Ақманғит» сортында егиў мүддети ҳәм азот төгиниң нормасына сәйкес белок муғдары 14,9-16,1%, клейковина болса 32-36% аралығында болды. Бул көрсеткишлердиң ең жоқары муғдары сентябрьдиңекинши декадасында егилип азотлы төгинниң нормасы 200 кг, фосфор 120 кг ҳәм кальий 90 кг/га есабында берилгенде вариантларда анықланды. Бунда белоктың муғдары 1,2% ке клейковина болса 4,0% көбейетуғынлығы байқалды. Кесте-3 Алынған мағлыўматлардан көринип турғандай «Ақманғит» сортын егип жетистиргенде Егиў мүддети, сәне Азот нормасы, кг/га Белок муғдары, Клейковина % % 150 14,9 32,6 20.09.2024 200 16,2 34,0 250 16,4 36,0 150 14,7 32,0 01.10.2024 200 16,2 32,8 250 16,3 35,1 150 14,8 32,0 10.10.2024 200 16,0 33,8 250 16,1 34,6 Сорттың потенциал зүрәәтлилигин жаңа инновацион технологияларды ендирип, сапасы жоқары болған туқымлар менен егиў арқалы әмелге асырыўға имканият болады.
Жуўмақлаўлар. «Ақманғит» сортының аймағымыздың шорланған стресс шәраятында қысқы суўыққа шыдамлылығын оның өсимликлериниң актив раўажланып қысқы тыным дәўирден оянып түп сонын сақлап қалыў көрсеткиши оның шыдамлылығын көрсетти. Егиў дәўири ҳәм азот төгиниң муғдары өсимликлердиң қыслаўдан жақсы шығыўына өз тәсирин көрсетип ең жоқары көрсеткиш егис мүдддети сентябрь айының екинши он күнлигинде өткерилгенде ҳәм азот төгининиң нормасы 200 кг/га болғанында анықланады. 2. Гүзлик бийдайдың «Ақманғит» сортының өсип раўажланып зүрәәт топлаўы тийкарынан егиў мүддетиның ҳәм азот төгиниң оптимал нормасына байланыслы болып зүрәәттиң салыстырмалы жоқары болыўы менен дәлилленди. Азотлы төгинлер менен азықландырыў нормасының белгили бир дәрежеге шекем артқан сайын оның зүрәәтлигиде жоқарылағанын көремиз. Ал бул нормадан көбейтирилген ямаса азайтырылған жағдайда ҳәм зүрәәттиң салыстырмалы азайғаны белгили болды 3. Бийдайдың жергиликли «Ақманғит» сортын азотлы төгинлер менен азиқландириў нормаси артқан сайин, олардиӊ зүрәәтлилиги де 12,8 ц/га шекем жоқарыилади. Үйренилген вариантларда дән сапасын белгилеўши көрсеткиш бул дәндеги белок ҳәм клейковинаниң муғдарина тийисли болып вариантлар арасында белок муғдары 14,5 – 16,1%, клейковина болса 33,2- 36,4 % ке тең болып күшли бийдайға сәйкес зүрәәт алынғанлығын көрсетеди. Пайдаланылған әдебиятлар 1. Саидов, Ш. (2018). Буғдой ҳосилдорлиги ва агротехника. Тошкент: Қишлоқ хўжалиги нашри. Б-189. 2. Тўраев, А., Рахимов, И., & Каримов, Ж. (2019). Буғдойда эгилган муддат ва ўғитланиш таъсири. «Қишлоқ хўжалиги илми», 5(2), 45–52. 3. Жуманов, Б. (2017). Буғдой ҳосилдорлигини оширишда азотли ўғитларнинг аҳамияти. Тошкент: Илмий мақола. Б-103 – 109. 4. Каримов, Ж., Мирзаев, С., & Шарипов, Ф. (2020). Буғдойда эгилган муддат ва агротехника. «Агроиқлимият», 12(3), 23–30. 5. Мирзаев, С., Ахмедов, Д., & Юлдашев, Н. (2021). Азотли ўғитланишнинг буғдой ҳосилдорлигига таъсири. Тошкент: Қишлоқ хўжалиги тадқиқотлари журнали, 18(4), 67–75.
Iqtiboslar dinamikasi
ReLibraryTekshirilgan Metodologiya
Adabiyotlar5 ta adabiyot
- Саидов, Ш. (2018). Буғдой ҳосилдорлиги ва агротехника. Тошкент: Қишлоқ хўжалиги нашри. Б-189.
- Тўраев, А., Рахимов, И., & Каримов, Ж. (2019). Буғдойда эгилган муддат ва ўғитланиш таъсири. «Қишлоқ хўжалиги илми», 5(2), 45–52.
- Жуманов, Б. (2017). Буғдой ҳосилдорлигини оширишда азотли ўғитларнинг аҳамияти. Тошкент: Илмий мақола. Б-103 – 109.
- Каримов, Ж., Мирзаев, С., & Шарипов, Ф. (2020). Буғдойда эгилган муддат ва агротехника. «Агроиқлимият», 12(3), 23–30.
- Мирзаев, С., Ахмедов, Д., & Юлдашев, Н. (2021). Азотли ўғитланишнинг буғдой ҳосилдорлигига таъсири. Тошкент: Қишлоқ хўжалиги тадқиқотлари журнали, 18(4), 67–75.
Metama’lumot
- Identifikator
- REL-C-011903
- Nashr sanasi
- 2026-04-07
- Til
- o‘zbek
- Konferensiyalar
- “SHIMOLIY MINTAQALARDA QISHLOQ XO‘JALIGINI RIVOJLANTIRISHNING DOLZARB MASALALARI VA ULARNING INNOVATSION ECHIMLARI” mavzusidagi Respublika ilmiy-amaliy anjuman.
- Jild
- 1
- Son
- 1
- DOI
- 10.66073/refocus-conf/1018
- Nashriyot
- LLC Ilm-fan va innovatsiyalar akademiyasi
- Sahifa
- 55–61
- Litsenziya
- Ushbu ilmiy ish CC BY 4.0 litsenziyasi asosida ochiq.
- Metadata manbasi
- Partner conferences of the International Scientific Journal Research Focus
- Oxirgi yangilanish
- 2026-08-25